АИВ инфекциясы анықланған белгили адамлар
Кѳпшилик адамлар да ѳзлериниң АИВ менен инфекцияланғанын ашық жәриялай бермейди, олар жәмийешиликтиң ҳәм жақынларының қаралаўынан қорқады. Себеби, кеселликти асоциаллық турмыс кеширетуғын ҳәм саламат турмыс тәризине әмел етпейтуғын адамлар жуқтырады деген стереотип елеге шекем күшли тәсирге ийе.
АИЖС кеселлигинен қайтыс болған белгили адамлар
АИЖС кеселлигинен қайтыс болған белгили адамлар дизиминен кеселлик пенен бир неше жыллар даўамында гүрескен "Queen" топары жетекшиси Фредди Меркьюри орын алған.
Белгили америкалы фантаст-жазыўшы Айзек Азимов 1992-жылы АИЖС кеселлигинен қайтыс болған. 1983-жылы, АИЖС ҳаққында мағлыўмат еле жүдә аз пайытта, жазыўшыға жүрек операциясы исленген ҳәм нәтийжеде ол донор қаны арқалы АИВ менен инфекцияланған. Бир неше жыллардан соң оған қайтадан операция ислеў зәрүрлиги пайда болған ҳәм сол ўақытта кеселханаға жатқарыў пайытында онда АИВ бар екенлиги анықланған.
АИВ инфекциясы менен ѳмир сүрип атырған белгили адамлар
No Angels топары қосықшысы ѳзинде АИВ инфекциясы бар екенин жәмийетшиликке ашық-айдын түрде жәриялаған. 2009-жыл ноябрьде АИЖС кеселлигине қарсы гүресиўге бағышланып Берлинде ѳткерилген гала-концертте, немец қосықшысы Надя Бенаисса: «Мениң исмим Надя Бенаисса, жасым 27 де, бир қызым бар, ҳәм мен АИВ менен инфекцияланғанман» - деп жәриялаған.
Британияның Erasure дуэти вокалисти Энди Белл АИВ инфекциясы менен 20 жылдан артық ѳмир сүрмекте. Ѳзиндеги диагноз ҳаққында биринши мәрте 2004-жылы жәриялап, жасларды қорғанбаған жынысый қатнастан ҳәм нәшебентликтен аўлақ болыўына шақырған.
"Еки ярым адам" сериалы жулдызы, Актер Чарли Шин, бул диагнозды ѳзине 2011-жылы қойылғанын айтқан.
Баскетболшы Мэджик Джонсон - «Шоутайм» деп аталыўшы дәўирдеги «Лейкерс» клубы супер жулдызы, баскетбол тарийхындағы ең уллы спортшылардың бири саналады. Ол ѳзиниң АИВ менен инфекцияланғаны ҳаққында 1991-жылы, яғный МБА финал сериясының ең жақсы ойыншысы атағын алғаннан кейин бир жылдан соң жәриялайды. Ол пайытта спортшы 32 жасында болған ҳәм карьерасын тоқтатыў нийетинде болмаған. Бирақ, ѳзиндеги АИВ инфекциясы ҳаққында билгеннен соң спортты тәрк ететуғынлығын жәриялаған.
Бул кеселлик глобал машқалаға айланбақта. Кеселликке қарсы гүресиўде ҳәр бир адам ѳз үлесин қосыўы зәрүр. Бул инфекциядан максимал түрде сақланыў ҳәр биримиздиң қолымыздан келеди.