АИВ инфекциясы кимлерге кѳбирек жуғыўы мүмкин?
АИВ инфекциясы менен қәўипсизлик шараларына әмел етпейтуғын қәлеген адам кеселлениўи мүмкин. Бирақ, турмыс тәризи ҳәм кәсибине байланыслы айырым адамлар кеселликти жуқтырыўға бейимирек болады.
Қәўип топарына биринши гезекте кимлер киреди?
- Наркотик затларды қабыллаўшы адамлар (ийнени, шприцти ҳәм басқада наркотикти қабыллаў материалларын ѳз-ара биргеликте пайдаланғаны себепли).
- Тексериўден ѳтпеген (инфекцияланған) донор қаны қуйылған адамлар.
- Медицина хызметкерлери, әсиресе хирурглар, қан анализин алыўшы ҳәм тексериўши медицина хызметкерлери, стоматологлар ҳәм басқалар.
- Гѳззаллық салоны хызметкерлери — косметологлар, маникюр, педикюр ҳәм татуаж усталары.
Қәўип топарына кириўши адамлар, кеминде жылына бир мәрте АИВ тестин тапсырып турыўы лазым.