10_IOGT_red_ribbon_illustration_320x173.width-360.png

АИВ организмнен сыртқы орталықта қанша ўақыт жасайды ҳәм кеўип қалған қан менен контакт қылғанда кеселлик жуға ма?

Инфекцияланған қанға қол тийгизиў, кеселликтиң жуғыўы ушын жеткиликли емес. Бул ушын қан менен контактте болған териде зыянланыў яки жара болыўы тийис.

АИВ инфекциясының адам организминен сыртта жасаў мүддети сол сыртқы орталыққа байланыслы болады.

  • Ашық ҳаўада АИВ вирусы бир неше саатлардан соң набыт болады.
  • 56̊ С температурадан жоқары температурада вирус 30 минут ишинде, ал қайнатқанда дәрҳал набыт болады.
  • Кептиргенде (ығаллықтың пүткиллей жоқ болса) дәрхал набыт болады.
  • Дезинфекциялаўшы еритпелер тәсиринде бир неше минуттан соң, водопровод суўына салғанда бир неше саатта набыт болады.
  • Шприцлерде 7 күнге шекем тири қалады.
  • Қуйыў ушын арналған қанларда 10 жылға шекем тири қалады.
  • Вирус суўықта набыт болмайды – температура қаншелли тѳмен болса, АИВның тири қалыў итималлығы соншели жоқары болады.

Ҳәзирги күнге дейин кеўип қалған қан менен контакт арқалы АИВ инфекциясының жуғыўының бирде-бир жағдайы анықланбаған.

Aldıng’ı Keyingi