АИЖС дегенимиз не?
АИЖС – бул АИВ инфекциясы раўажланыўының соңғы басқышы болып табылады.
АИЖС – арттырылған иммунитет жетиспеўшилиги синдромы.
Синдром – бул кеселликтиң бир-бирине байланыслы болған бир неше белгилериниң жыйындысы.
Арттырылған – кеселлик туўма емес, ал наўқастың ѳмири даўамында раўажланғанлығын аңлатады.
Иммунитет жетиспеўшилиги – бул организмниң ҳәр қыйлы инфекцияларға қарсы гүресиў қәбилетиниң тѳменлеўи.
АИВ инфекциясы – әсте-ақырын иммун сиcтемасын зыянлап, организмниң инфекцияларға қарсы гүресиў қәбилетин ҳәлсиретеди. Белгили бир ўақытқа келип, организмниң инфекцияларға қарсы гүресиў қәбилети жүдә тѳменлеп кетеди. Бунда АИВ жуқтырған адам басқалар кеселленбейтуғын ҳәр қыйлы инфекциялық кеселликлер менен наўқасланатуғын болып қалады ҳәм сол ўақыттан баслап АИВ инфекциясы АИЖС басқышына ѳтеди.
АИВ инфекциясы жуғыўының 3 жолы бар:
Қан арқалы:
- Қан ямаса қан компонентлерин қуйыўда ҳәм ағзалар кѳширилип ѳткерилгенде
- Жат адамның шприци ямаса ийнесинен пайдаланғанда
- Стерилленбеген медицина ҳәм татуаж әсбапларынан пайдаланғанда
- АИВ менен зыянланған адамның жеке гигиена қуралларынан пайдаланғанда (тис щеткасы, маникюр әсбаплары ҳәм сақал алыў үскенелери)
Жынысый жол арқалы:
- Қорғанбаған жынысый қатнас арқалы
Анадан балаға:
- Ҳәмледарлық ўақтында
- Емизиў дәўиринде
- Туўыў ўақтында.
АИВ инфекциясы организмде қалай раўажланады? (Кейинги мақаланы оқың).