Антиретровируслы терапия дегенимиз не?
Антиретровируслы терапия (АРТ яки АРВТ) бул АИВ инфекциясын емлеў комплекси. Бул емлеў усылының атамасы сол вирустың атамасынан келип шыққан. Ѳйткени, АИВ ретровируслар топарына киреди. Бундай терапия АИВ инфекциясы бар адамларға тек нормал тәризде турмыс кешириўине жәрдем берип ғана қоймастан, вирустың басқаларға жуқпаўын, ҳәттеки, қорғанбаған жынысый қатнаста да яки ҳәмледар анадан балаға да жуқпаўын тәмийинлейди.
АИВ вирусы бәрқулла мутацияға ушырап, оған қарсы терапияға күшли бейимлесип барады. Сол ушын, тек бир препараттың оған қарсы ҳеш қандай да күши жетпейди. 3-4 препаратты бир ўақыттың ѳзинде қоллаў тек организмдеги вирустың бир түрине емес, ал кеселлик ақыбетинде мутацияға ушыраған түрлерине де қарсы тәсир кѳрсетеди. Бул комплексли емлеў усылына кириўши препаратлар қәўипсиз ҳәм дерлик кери тәсирге ийе емес. Олар ҳәр қыйлы тәсир механизмине ийе болып, турақлы түрде олардың жаңа түрлери ҳәм топарлары ислеп шығарылмақта.
Бул терапия дәрилерди қабыллаўдың қатаң түрдеги графигин, яғный белгили бир саатта яки аўқаттан алдын яки соң белгиленген ўақытта қабыллаўды талап етеди. Дәрилерди қабыллаўды қалдырыўға, қалдырған жағдайда дозаны кемейтиў яки асырыўға жол қойылмайды. АРВ препаратларын қабыллаў режими емлеўди басламастан алдын шыпакер менен биргеликте кѳрип шығылады. Ал, препаратлар қурамы емлеў барысында ѳзгертилип, туўрыланып барыўы мүмкин.
Емлеўдиң тийкарғы мақсети – АИВ менен кеселленген адамның ѳмирин узайтыў ҳәм турмысының сапасын асырыўға қаратылған. Терапияны қабыллаў иммунитетти басқа инфекция ѳтип, адамның қайтыс болыўынан сақлайтуғын дәрежеде услап турады ҳәм АИЖС кеселлиги раўажланыў қәўпин сезилерли дәрежеде кемейтеди. Соңғы изертлеўлер АРВТ қаншели ерте басланса, оның нәтийжелилиги де соншели жоқары болатуғынлығын дәлиллемекте. Ҳәзирги ўақытта, вирусты жоқ қылыўдың ҳәр қыйлы усылларын ҳәм бул препаратларды қабыллаўдың қолайлы жолларын излеп табыўға кѳп күш сарыпланбақта.