10_IOGT_red_ribbon_illustration_320x173.width-360.png

Егер менде АИВ табылса, не ислеўим тийис?

Егер сиз ѳзиңизди АИВ жуқтырғанман деп есапласаңыз, дәрҳал тест тапсырың. Бул қорқынышлы болса да, ѳз статусыңызды билиў денсаўлығыңыз жолында қойылған биринши қәдем болып табылады. Денсаўлығыңыздың жағдайын қанша ерте билсеңиз, сонша жақсы. АИЖС орайында сизден анализ алыў менен бирге, терис нәтийжени қалай сақлап қалыў, ямаса оң нәтийже болған жағдайларда қандай жол тутыўыңыз тийис екенлиги ҳаққында мәсләҳәт береди.

Мүрәжат ушын: РЕСПУБЛИКАЛЫҚ АИЖСқа ҚАРСЫ ГҮРЕСИЎ ОРАЙЫ

Адрес: Ташкент қаласы, Чиланзар районы, ФАРХАД кѳшеси, 12-үй

Телефонлар: +998 (71) 276-93-25 / +998 (71) 276-23-11

Web-сайт: www.spid.uz

АИВ анализи нәтийжелери терис ямаса оң болыўына қарамастан, сыр сақланады, яғный жәрияланбайды. Сиз Балалар ҳуқықы ҳаққындағы Конвенция бойынша буған ҳақылысыз.

Ҳәр бир адам турақлы рәўиште АИВны анықлаў мақсетинде анализ тапсырып турыўы тийис. АИВ жуқтырып алған адамлардың кѳбиси ѳз статусларынан бийхабар болады. Сонлықтан, АИВға тексерилиў саламат, бахытлы ҳәм узақ турмыс кешириўдиң биринши қәдеми болып табылады. Есиңизде тутың!

Қаныңызда АИВ инфекциясы бар екенлигин жуқтырған ўақыттан баслап үш айдан соң ғана анықлаўға болады («ашық дәўир» деп аталады), сонлықтан үш айдан кейин тестти қайта тапсырыў керек. Бул илажлар екинши тесттиң нәтийжелерине исениўге ҳәм басқаларға қәўип туўдырмаў ушын оғада әҳмийетли. Егер сизиң биринши анализиңизден терис нәтийже шыққан болса да, ал бирақ АИВ бар болса, басқаларға жуқтырыў итималы бар.

Oldingi Keyingi