10_IOGT_red_ribbon_illustration_320x173.width-360.png

Иммунитет тѳменлеўиниң ҳәр бир жағдайын АИЖС деп атаўға болама?

Яқ, АИЖС деп тек иммун клеткалары саны ең тѳмен дәрежеге түсип, организм иммунитетиниң аўыр зыянланыўына айтылады. АИВ тәсиринде иммунитеттиң ѳзгериўи ѳзине тән ѳзгеше болады. Бундай ѳзгерислер басқа себеплерге байланыслы жүдә сийрек болады.

Әдетте, иммунитеттиң тѳменлеўи жағдайы вируслы ҳәм бактериялық инфекцияларда, созылмалы кеселликлерде, стрессте, эндокринологиялық кеселликлерде, сондай-ақ, тәбийий ҳалда адамның жасына байланыслы пайда болады. Иммунитеттиң жүдә қатты тѳменлеўи туўма иммунитет жетиспеўшилигинде, исиниўлерде, радиация яки зәҳәрли химиялық затлардың тәсири болғанда жүзеге келеди.

Арнаўлы иммунологиялық тексериў (иммунограмма) иммун системасының қаншели дәрежеде зыянланғанын, анықланған кеселлик ҳақыйқатында да иммунитеттиң қатты тѳменлеўи (иммунитет жетиспеўшилиги) себебинен келип шыққанлығын анықлаўға жәрдем береди.

Aldıng’ı Keyingi