Маникюр салонында АИВ инфекциясын жуқтырыў мүмкин бе?
Маникюр салонында АИВ инфекциясын жуқтырыў итималлығы тѳмен болады. Бирақ, ѳзиңди қорғаўың ушын бәрқулла қәўипсизлик шараларына әмел етиўиң әҳмийетли есапланады. Себеби, АИВ инфекциясынан басқа, салонда жуғыўы мүмкин болған гепатит, пилислер сыяқлы бир қатар кеселликлер бар.
Кѳпшилик адамлардың бармақларының териси жуқа, қан тамырлары териге жақын жайласқан болады. Ҳәттеки, жүдә тәжирийбели уста да терини кесип яки қанатып алыўы мүмкин. Егер маникюр әсбаплары АИВ инфекциясы бар болыўы мүмкин болған алдынғы клиентке пайдаланылғаннан соң дезинфекцияланбаған болса, АИВ инфекциясының қанға ѳтиў итималы бар болады.
Ҳәттеки, устаның ѳзи де процедура даўамында тосаттан ѳзин жарақатлап алыўы мүмкин. Сонлықтан, ол АИВ менен инфекцияланған клиент пенен контакт арқалы инфекцияны жуқтырыў қәўпи астында.
Сол ушын маникюр ҳәм педикюр процедураларын стерилленген әсбаплар жәрдеминде әмелге асырыў ҳәм қәўипсизлик шараларына әмел етиў жүдә әҳмийетли саналады. Бул шаралар нәтийжесинде инфекция жуқтырыў итималлығы қалмайды. Ѳз қәўипсизлигиң ушын ѳзиңе жеке маникюр топламын сатып алып, салонда солардан пайдаланыўыңа болады.
Салонға биринши мәрте келгениңде, устадан әсбаплар қалай стерилизацияланыўын кѳрсетиўин сораўға тартынба. Ҳәр бир клиент пенен ислеспестен алдын, уста қолларын жақсылап жуўып, жаңа қолғап кийетуғынлығына исеним пайда ет.