10_IOGT_red_ribbon_illustration_320x173.width-360.png

Маған донор қаны қуйылды, маған АИВ инфекциясы жуғыўы мүмкин бе?

Қан қуйыўдан соң АИВ инфекциясын жуқтырыў итималлығы тѳмен, бирақ бул жол арқалы инфекцияны жуқтырыў қәўпи елеге шекем сақланып қалмақта.

Дүнья жүзи бойлап қан қуйыў арқалы АИВ инфекциясының жуғыў жағдайлары сезилерли дәрежеде кемейди. Себеби, барлық донорлар қан тапсырмастан алдын АИВ/АИЖС, В ҳәм С гепатити ҳәм басқа да қәўипли жуқпалы кеселликлерге тексериўден ѳткериледи. Сондай-ақ, ҳәзир инфекция жуқтырыў қәўпине байланыслы туўрыдан-туўры қан қуйыў әмелге асырылмайды.

Егер қан қуйыў процедурасынан ѳткен болсаң ҳәм саламат екенлигиңди билмекши болсаң, АИВ инфекциясына анализ тапсырыўың зәрүр болады.

Aldıng’ı Keyingi