Не себеп АИВ вирусы адам қанында 6 айға шекем анықланбайды?
Кеселликтиң инкубациялық дәўири бул инфекцияның жуғыў дәўири болып, кеселликтиң ҳеш қандай симптомлары билинбейди. Ҳәр қыйлы кеселликте бул дәўир ҳәр қыйлы кешеди. Мысалы, грипп вирусында, суў шешек ҳәм COVID-19 кеселлигинде тийислилиги бойынша бир неше саатлар, 2-3 сутка яки 1 ай мүддетте болады. Бирақ, АИВ инфекциясы организмде тек симптомларсыз яғный кеселлик белгилерисиз жасырынып ғана қоймай, ал адам қанында анықланбаў қәсийетине де ийе.
АИВның инкубациялық дәўири 2 ҳәптеден 6 ҳәптеге ҳәм бир неше айларға шекем (гейде 1 жылға шекем) болады. Бул дәўирде АИВ лимфоцитлерде актив түрде раўажланып барады. Деген менен, кеселликтиң клиникалық белгилери болмайды ҳәм лабораториялық тексериўлерде қанда антиденелер анықланбайды. АИВға антиденелер инфекция жуққаннан соң орташа 3-6 ай даўамында пайда болып баслайды. Организмге вирус түсип, бирақ антиденелердиң анықланыўы мүмкин болған муғдарда пайда болмаған дәўири «айна дәўири» деп аталады. Бул дәўирде вирус лабораториялық тексериўлер нәтийжесинде анықланбайды. Сонлықтан, инфекция қәўпи болғанда бир неше мәрте, яғный тиккелей қәўип болған жағдайдан соң, 1,5 3, 6 ҳәм 12 айдан соң тексериўден ѳтиў тийис.
АИВға тексериўден Ѳзбекстан Республикасының қәлеген поликлиникасында яки АИЖСқа қарсы гүресиўге қәнигелестирилген орайларда ѳтиўге болады.