Не ушын ѳзиңиздиң АИВ-статусыңызды билиў әҳмийетли?
АИВ – адам иммунитети жетиспеўшилиги вирусы. Ол организмге бир мәрте түскеннен мәңгиге қалып кетеди. Ҳәзирги күнде, адамзатты бул вирустан толық қутқарыўшы дәриниң ѳзи жоқ. Биз жәмийетте жасаймыз, демек биз ѳзимизге жүдә сақ болып, ѳзимиздиң ҳәм ѳзгелердиң қәўипсизлигин тәмийинлеўдиң барлық илажларын кѳриўимиз тийис.
АИВға тесттен ѳтиўдиң 5 себеби:
- Тесттен ѳтиў адам ѳмирин сақлап қалады. Адам ѳзиниң АИВ-статусын қаншели ерте анықласа, оны емлеў де соншели нәтийжели болып, сапалы ѳмир кѳриўине имканияты жоқарырақ болады.
- Тесттен ѳтиў ѳзиңиздиң ҳәм жақынларыңыздың қәўипсизлигин тәмийинлейди. АИВға ѳткерилген тест нәтийжеси тест тапсырған адамға оның АИВ статусына қарап, АИВ инфекциясынан ѳзин ҳәм жақынларын қорғаўшы ҳәр қыйлы профилактика түрлерин қолланыўға имканият жаратады.
- Емлениў вирустың басқаларға жуғыўының алдын алады. АИВға тест тапсырыў бул емлеўдиң биринши қәдеми. АИВ инфекциясын емлеў адам организминдеги вирус муғдарын анықланбайтуғын (жүдә пәс) дәрежеге кемейтиўге жәрдем береди. Адамдағы вируслар анықланбайтуғын дәрежедеги муғдарда болса, ол адам вирусты тарқатыўшы есапланбайды.
- АИВ статусын билиў АИВның анадан балаға ѳтиўиниң алдын алыў имканиятын жаратады. АИВ статусы тастыйықланған ҳәмледар яки емизиўли баласы бар ҳаялға ѳз баласына инфекция жуқпаўын кепиллейтуғын бир қатар дәрилер менен тәмийинленеди ҳәм бала саламат туўылады. Бул ушын ана ѳзиниң АИВ статусын билиўи зәрүр.
- Сапалы ѳмир сүриў. Адам ѳзиниң АИВ статусын анықлаўға қарар етиўи арқалы ѳз саламатлығына жол таңлайды.
АИВға тестти Ѳзбекстан Республикасының қәлеген поликлиникасында яки АИЖСқа қарсы гүресиўге қәнигелестирилген орайларда тапсырыўға болады.