Постконтакт профилактикасы дегенимиз не?
Постконтакт профилактикасы (ПКП) бул АИВ инфекциясы жуғыўы мүмкин болған жағдайдан кейин әмелге асырылатуғын илажлар. Постконтакт профилактикасы денсаўлықты сақлаў тараўында медицина хызметкерлери арасында «қәўипли жағдайлар» болғанда кең түрде қолланылады. Деген менен, қәнигелер қәўипсиз болмаған жынысый контактен кейин де ПКП усыныс етеди.
Постконтакт профилактикасы илажларына тѳмендегилер киреди:
- Биринши жәрдем;
- Жуғыў қәўпин баҳалаў ҳәм мәсләҳәт бериў;
- Хабардар қылып, қайылшылығын алғаннан соң АИВға тексериў ѳткериў;
- Зәрүр болғанда АИВға қарсы терапия буйырыў;
- Шыпакердиң бақлаўы.
АИВ менен контактта болыўы мүмкин болған жағдайдағы биринши жәрдем бул контакттан кейин дәрҳал әмелге асырылыўы зәрүр болған ҳәрекетлер. Буннан мақсет – инфекцияланған биологиялық суйықлықлар (соның ишинде қан) ҳәм тоқымалар менен контакт болғаннан кейинги дәўирди қысқартыў, контакт орнын дурыс тазалаў, сол арқалы инфекция жуғыў қәўпин кемейтиў есапланады.
Постконтакт химиялық профилактикасы дегенде антиретровируслы препаратларды (АРВ) қабыллаў түсиниледи. Ҳәзирги күнде, профилактика ушын 3 түрдеги АРВ препаратлар комбинациясы қабылланады. Препаратлардың түрлери ҳәм оларды қабыллаў графиги шыпакер тәрепинен белгиленеди. ПКПны илажы болғанша ерте баслаў керек, яғный АИВ жуғыў қәўпи тастыйықланғаннан соң 72 саат ишинде.
ПКП 100% нәтийжели емес ҳәм АИВ инфекциясынан кепилленген қорғаўды кѳрсете алмайды. Бул профилактика илажы жуғыў итималлығын кемейтиўге қаратылған болып, қәўипти толық сапластырыў имканиятын бере алмайды.
Инфекцияланыў қәўипин баҳалаў ҳәм постконтакт химиялық профилактикасын белгилеў тек қәниге тәрепинен ғана әмелге асырылыўы лазым екенлигине итибар қаратыўымыз тийис.
Егер ѳзиңде АИВ кеселлиги бар яки АИВ статусы белгисиз болған адам менен контакттан кейин инфекция жуқтырыў қәўпи жоқары деп ойласаң, аймағыңдағы ең жақын поликлиникаға яки ѳзиңниң барғаныңды ҳәм мәсләҳәт алғаныңды сыр тутпақшы болсаң АИЖСке қарсы гүресиў орайына хабарлас.