Стоматолог ханасында АИВ инфекциясын жуқтырыў мүмкин бе?
Стоматологиялық процедуралар ўақтында АИВ инфекциясын жуқтырыў итималлығы оғада тѳмен болады, тек дезинфекция ҳәм стерилизация шараларына әмел етпеген жағдайда ғана инфекция жуғыўы мүмкин.
Ҳәзирги күнде барлық стоматологлар белгиленген санитариялық нормаларға муўапық жумыс алып барады ҳәм олар тийисли органлар тәрепинен қадағаланып барылады. Инфекция жуғыў қәўпин тек инсан факторы, яғный медицина хызметкериниң ѳз ўазыйпаларын атқарыўға жуўапкершиликсиз қараўы ғана пайда етиўи мүмкин.
Барлық белгиленген санитария нормалары ҳәм қағыйдаларына әмел етилген жағдайда, стоматолог ханасында АИВ инфекциясын жуқтырыў итималлығы дерлик жоқ есапланады.
Тек ѳзиң исенген стоматологияға мүрәжат ет!