10_IOGT_red_ribbon_illustration_320x173.width-360.png

Тату салонында АИВ инфекциясын жуқтырыў мүмкин бе?

Аўа, тату салонында АИВ инфекциясы жуғыўы мүмкин. Сондай-ақ, қас ҳәм кѳзлерге татуаж қойыў хызметин кѳрсететуғын гѳззаллық салонында да инфекция жуғыўы мүмкин. Жуғыў итималлығы тѳмен болғаны менен бирақ итималлық бар есапланады.

Денеге тату қойыў ўақтында орнында кѳплеген кишкене жарақатлар пайда болады. Олар инфекцияның адам организмине кириўинде ашық есик хызметин атқарыўы мүмкин. АИВ инфекциясынан басқа гепатит кеселлиги де жуғыўы мүмкин.

Егер тату ислетиўге қарар қылған болсаң, биринши гезекте салонды дурыс таңлаў керек. Татуды таныс адамлардың үйинде яки стерилленгенлигине гүман пайда ететуғын басқа орынларда ислетпеген мақул. Тату яки татуажды рәсмий, тексериўден ѳткен, барлық қәўипсизлик шараларына әмел етилетуғын орынларда ислетиў керек.

Тату салонларда барлық ийне ҳәм әсбаплар ҳәр бир клиенттен соң шәртли түрде стерилизацияланыўы шәрт. Қағыйда бойынша бир мәрте ислетилетуғын әсбаплар пайдаланылыўы зәрүр.

Сондай-ақ, устадан салонда әсбап-үскенелер қалай стерилизацияланыўын кѳрсетиўин, бир мәрте ислетилетуғын әсбаплар пайдаланылыўы, уста қолғапларды қаншелли жийи алмастырып туратуғынын ҳәм басқа да қәўетерге салыўшы нәрселер ҳаққында сораўыңа болады. Барлық нәрселерди қайта тексериўге тартынбаў керек екенлигин есиңде тут. Ѳйткени, булардың барлығы сениң саламатлығың ҳәм қәўипсизлигиң ушын исленеди.

Aldıng’ı Keyingi