Ѳзбекстандағы антиретровируслы терапия
Антиретровируслы терапия бул наўқасты турақлы түрде еки яки оннан кѳбирек арнаўлы вирусқа қарсы препаратлар менен емлеў. Ҳәзирги ўақытта, антиретровируслы терапия (АРТ яки АРВТ) қәўипли АИВ инфекциясы менен кеселлениўине қарамастан адамлардың узақ ѳмир кѳриўине жәрдем бермекте. Антиретровируслы терапия бир ўақыттың ѳзинде еки мақсетке ерисиўге жәрдем береди, яғный организмдеги вирус муғдарын кемейтеди ҳәм кеселликтиң симптомларын қадағалап барады.
Жәҳән ден саўлықты сақлаў шѳлкеми АРТ усылын АИВ диагнозы қойылған ўақыттан баслап қолланыўды усыныс етиўине қарамастан, дүнья жүзи бойынша АИВ менен кеселенгенлердиң тек 47%и ғана емленбекте. Ѳзбекстан Республикасында АИВ менен кеселенгенлерди АРТ усылы менен емлеўге айрықша итибар қаратылады.
Республикамыз бойлап АРВТ усылы менен емлеў илажлары 15 мәкеме тәрепинен әмелге асырылады. АРВТ усылы районлар кѳлеминде жумыс алып барыўшы Инфециялық кеселликлер кабинети тармағы тәрепинен әмелге асырылады.
UNAIDS шѳлкеминиң (АИВ/АИЖС бағдарындағы БМШниң шѳлкеми) мағлыўматларына кѳре, Ѳзбекстанда 2020-жыл жағдайына бола антиретровируслы терапия белгиленген наўқаслардың толық 100%и терапия қабыллап келмекте.
Елимизде антиретровируслы терапияның нәтийжелилигин анықлаў ушын вирустың муғдарын тексериў бойынша ҳәрекеттеги миллий сиясат қабылланған.
АИВ менен кеселленгенлер оларға күтим кѳрсетиўди тәмийинлеўши хызметлердиң дыққат-итибарына илажы болғанынша ертерек түсиўи оғада әҳмийетли саналады. Бул, тек АРТ буйырыў критериясына жуўап бериўи яки бермеслигин ерте дәўирде баҳалаў ҳәм ѳз ўақтында АРТ курсын баслаўға ғана емес, ал АИВның тарқалыўының алдын алыўға да имканият жаратады.
Миллий мағлыўматларға кѳре, егер 4-8 ҳәпте мүддет ишинде наўқастың қанындағы вирус муғдары 3-5 есеге кемейсе, демек АРТ усылы нәтийжели болғанын кѳрсетеди. Кѳпшилик наўқасларда емлеў баслағаннан 12-16 ҳәпте ѳтип, АИВ вирусы муғдары анықланыўы мүмкин болмайтуғын, яғный жүдә кем дәрежеге түседи.