Қандай белгилер АИВ инфекциясы бар екенлигин кѳрсетеди?
АИВ инфекциясының биринши белгилери, инфекция жуққаннан соң еки-тѳрт ҳәптеден кейин раўажланып баслаўы мүмкин. Инфекция жуқтырған кѳпшилик адамларда аязлап аўырыў белгилери пайда болады, яғный дене ыссылығының кѳтерилиўи, тамақтың қызарыўы ҳәм аўырыўы, күшли терлеў, булшық етлердиң аўырыўы ҳәм ҳәлсизлиги, бас аўырыўы, денеде таспалар пайда болыўы. Бул белгилер болмаўы да мүмкин.
Инфекция иммун системасын барған сайын ҳәлсиретип баслаўы нәтийжесинде, инфекция жуқтырған адамда лимфа түйинлериниң исиниўи, салмақтың кемейиўи, қалтыраў, иш ѳтиў ҳәм жѳтел сыяқлы басқа да белгилер ҳәм симптомлар болыўы мүмкин.
Кѳпшилик адамларда симптомлар ѳзлигинен ѳтип кетеди ҳәм АИВ инфекциясының бир неше жылларға шекем ҳеш қандай белгилери болмайды. Айырым наўқаслар симптомларсыз 10 жылдан артық жасаўы мүмкин. АИВ инфекциясы бар екенлиги шыпакерге мүрәжат еткенде тосаттан, яғный жобаластырылған операциядан алдын яки саламатлығы ҳаққында мағлыўмат алыўы пайытында анықланыўы мүмкин.
Симптомлары бойынша АИВ инфекциясын ерте басқышларда анықлаў жүдә қыйын, оның белгилерин басқа кеселликлердеги белгилер менен алжастырып алыў аңсат. Сонлықтан, усы басқышта адамлар кеселликти басқаларға кѳбирек жуқтырады.
АИВ инфекциясының ерте басқышларын тек лабораториялық тексериўлер жәрдеминде ғана анықлаўға болады.