Антибиотиклерге турақлылық яки олар не ушын тәсир етпейди?
Дүньяда адамлар, ҳайўанлар ҳәм ѳсимликлерден басқа да бизиң кѳзимизге кѳринбейтуғын тири организмлер бар. Оларды бизлер микроблар, вируслар, пилислер ҳәм паразитлер деп атаймыз. Олар ҳәр қыйлы инфекциялық кеселликлерди келтирип шығарыў қәсийетине ийе. Бул кеселликлерге қарсы гүресиў ушын микробларға қарсы препаратлар зәрүр.
Микробларға қарсы препаратларға резистентлик (турақлылық) дегенимиз бул, алдын белгили бир дәрилер менен емлеўге болатуғын инфекцияларға дәрилердиң тәсириниң пәсейиўи яки пүткиллей жоғалыўы.
Не ушын антибиотиклер тәсир етпей қояды?
Басқа тири организмлер сыяқлы, микроблар да узақ ҳәм қолайлы шәраятта жасаўды қәлейди. Олар адам организминде эволюция процесинде тири қалыў ушын ҳәр қыйлы қорғаныў механизмлерин жаратқан ҳалда, ѳзлерин жетерли дәрежеде жақсы сезеди. Сондай-ақ, ѳзлериниң ең баслы душпаны болған антибиотиклерден қорғаныў меқсетинде де. Бул ушын олар ѳзлериниң сыртқы кѳринисин ѳзгертеди ҳәм буның нәтийжесинде генлик мутация жүзеге келеди. Алдын әпиўайы болған бактерия, енди «супербактерия»ға айланады. Буның нәтийжесинде, ѳз душпанынан қорғанған ҳалда препаратлардың тәсирине қарсылық кѳрсетеди.
Микроорганизмлердиң қорғаныў механизми тѳмендеги жағдайларда күшейеди:
- Антибиотиклерди орынсыз қолланыў;
- Препаратты натуўры таңлаў;
- Дозасын қәте белгилеў;
- Дым қысқа емлеў курсы;
- Ѳз бетинше емлениў ҳ.т.б.
Сондай-ақ, бактериялар ѳзлериниң микробқа қарсы дәрилерден қорғаныўына жәрдем беретуғын генетикалық материаллары менен ѳз-ара алмасып турады. Антибиотик тәсирине қарсы тура алған ең күшли ҳәм беккем бактериялар аман қалады. Бундай ҳәр қыйлы антибиотиклерге шыдамлы патоген бактерияларды адамлар бир-бирине жуқтырады. Адам ѳзи аўырмаўы мүмкин, ал тек ғана бактерияларды тасыўшы болып, әтирапындағыларға жуқтырыўды даўам етиўи мүмкин. Адамлар антибиотиклерди қаншелли жийи натуўры қабылласа, олар шыдамлы бактериялардың соншелли дәрежеде раўажаланыўы ҳәм тарқалыўына имканият жаратады.
Қадағалаўсыз антибиотиклерди қабыллаўдың ақыбетлери ҳаққында келеси мақалада оқысаңыз болады.