антибиотики.jpg

Антибиотиклерди қадағалаўсыз қабыл етиў қандай ақыбетлерге алып келеди?

Бактериялық инфекциялар ең қәўипли инфекциялар қатарына киреди. Олардың кѳпшилиги ѳлимшиликке алып келетуғын аўыр кеселликлерди шақырыў қәсийетине ийе. Оларға қарсы гүресиўдиң жалғыз қуралы бул антибиотиклер.

Бирақ, соңғы ўақытлары антибиотиклердиң де бактерияларға ҳәрдайым да күши жетип атырған жоқ. Себеби, бактериялар да басқа организмлер сыяқлы унамсыз орталыққа ийкемлесип, ѳз тиришеңлигин асырыў ушын ѳз кѳринислерин ѳзгертиў қәсийетине ийе. Олардың бундай қорғаныў қуралларының бири, микробқа қарсы турақлылығы болып, ҳәзирги күнде ол глобал машқала саналмақта.

Не ушын буны билиўмиз соншели әҳмийетли?

Дүньяда ҳәр жылы дәрилерге турақлы микроблар шақырған инфекциялардан 700 мыңнан аслам адам дүньядан ѳтпекте. Илимпазлардың болжаўына қарағанда, 2050-жылға келип, ҳәр жылы дәрилерге турақлы микроблардан 10 миллион адам ѳлип баслайды.

Ең қәўетерлиси, бар болған микробқа қарсы дәрилер, яғный антибиотиклер менен емлеп болмайтуғын инфекцияларды шақырыўшы, кѳп дәрилерге яки улыўма турақлы «супер бактерия» деп аталыўшы бактериялар дүнья бойлап жүдә тез тарқалмақта.

Дәрилерге турақлылықтың раўажланыўының баслы себеби, бул микробқа қарсы дәрилерди рецептсиз ҳәм тәртипсиз қабыллаў, оларды шарўашылық ҳәм егиншиликте керегинен артықша қолланыў болып есапланады.

Бактериялардың турақлылығы асқан сайын туберкулез, менингит, пневмония, айырым ишек инфекциялары сыяқлы кең тарқалған инфекцияларды емлеў қыйыншылықлар туўдырады. Әпиўайы хирургиялық опреацияларды қәўипсиз әмелге асырыў да қыйынласып барады, медициналық шығынлар муғдары, госпитализация мүддети ҳәм ѳлимшилик артады.

Жаңа түрдеги антибиотиклерди жаратыў 10 жыл ҳәм оннан да узақ ўақыт талап етиўши, жүдә узақ ҳәм қыйын процесс. Бирақ, микробқа қарсы дәрилер менен емлеўге ҳәзирги күндегидей қатнас болса, жаңадан жаратылған препараттың нәтийжелилиги де узаққа жетпей жоғалады.

Сол себепли, ѳз бетинше емленбей, ал тек шыпакер буйырған антибиотиклерди қабыллаў, сондай-ақ инфекция жуқтырыўдың алдын алып, гигиена талапларына әмел етиў жүдә үлкен әҳмийетке ийе

Келеси мақалада антибиотиклерге турақлылық деген не екенлиги ҳаққында оқып алсаңыз болады.

Keyingi