Не ушын антибиотиклерге турақлылық бул жаңа қәўип?
Ҳәзирги күнде инсаният алдында турған үлкен машқала бул антибиотиклерге турақлылық. Ѳтмиште антибиотиклерди тәртипсиз ҳәм ақылға уғрас келмейтуғын дәрежеде пайдаланғанлықтан ҳәзир инфекциялық кеселликлерди емлеў барған сайын қыйынласпақта.
Адамлардағы ҳәм ҳайўанлардағы кеселликлердиң антибиотиклерге турақлылық машқаласында қандай байланыслары бар? Гәп сонда, фермерлер тәрепинен, сондай-ақ азық-аўқат ѳндирисинде ҳайўанлардың ѳсип раўажланыўын тезлетиў ушын антибиотиклерден пайдаланылады.
Ҳайўанларға антибиотиклерди ҳәдден тыс кѳп муғдарда ҳәм орынсыз қолланыў ақыбетинде оларда антибиотиклерге турақлылық раўажланыўы қәўпи асады. Адамларда аўыр кеселликлер шақырыўшы айырым түрдеги бактерияларда кѳплеген яки дерлик барлық бар болған дәрилерге турақлылық раўажланып болды, ал жаратылыў басқышында болған, келешекте нәтийжели болыўы мүмкин болған препаратлар түрлери жүдә аз санды қурайды.
Заманагѳй изертлеўлер нәтийжеси, саламатлығы жақсы болған ҳайўанларда антибиотиклерли қоллаўды қысқартыў, бактерияларға турақлылық дәрежесиниң тѳменлеўине алып келгенлигин кѳрсетпекте. Жәҳән денсаўлықты сақлаў шѳлкеми антибиотиклерди тек ҳайўанлардың падасында, топарында ҳәм популяциясында кеселликлер анықланғанда ғана қолланыўға шақырады. Саламат ҳайўанларда антибиотиклерди қолланыўдың альтернатив шарасы сыпатында олардың гигиенасын жақсылаў, вакциналардан пайдаланыў, оларды сақлаў ҳәм кѳбейтиў жағдайларын ѳзгертиў бойынша илажларды әмелге асырыўға болады.
Тутыныўшы сыпатында, бизлердиң антибиотиклерден таза ѳнимлерди талап етиў ҳуқықымыз бар. Мысалы, 2016-жылдан баслап Европа Аўқамы еллеринде ҳайўанлардың ѳсип раўажланыўы ушын антибиотиклерди қоллаў қадаған етилген. Гѳш ѳнимлери қарыйдарларының ѳзлери антибиотиклерсиз бағылған ҳайўанлардың гѳшине болған талапты асырмақта. Екинши тәрептен, ислеп шығарыўшылар ѳзлериниң ѳндирис дәрежесин «антибиотиклерден азат» дәрежесине жеткериўге умтылыўы керек. Базарларда яки супермаркетлерде ѳним сатып алғаныңызда, бәрқулла сатыўшыдан ѳнимниң келип шығыўы ҳәм сапасы ҳаққында сорасаңыз болады.