breketi.jpg

Брекет тағып жүриўге тартынасызба? Бийкар қыласыз!

Брекет бул тис қатарларын туўырлаўға мѳлшерленген қурылма. Брекеттен пайдаланыўдан бас тартыўдың ең кѳп ушырасатуғын себеби бул -тартыныў.

Брекеттен пайдаланғанда пайда болауғын комплекслерди қалай жеңип ѳтиўге болады?

  1. Бул ўақытша, сен оны мәңги тағып журмейсен.
  2. Ерисилетуғын нәтийжеси ҳаққында ойла. Брекетлерди алып таслағаннан соң, сен ең сулыў ҳәм жарқын күлкиги, тегис тислерге ийе боласаң.
  3. Брекетлерди сеннен басқалар да пайдаланады. Сениң кѳпшилик қатар-қурбың, ҳәттеки ересеклерде пайдаланады.
  4. Күлгенде тартынбаң. Брекет бар ўақта күлиўге тартынбаң. Күлкиңди жасырып, сен ѳзиңе кѳбирек итибар тартасаң.
  5. Тислериңиздеги қулыпқа әтираптағылар бир ҳәпте ишинде үйренип қалады, ал еки ҳәптеден соң оларға ҳәттеки итибар да қаратпайды.
  6. Ҳәзирги ўақытта брекетлердиң кѳплеген түрлери бар, яғный ҳәр қыйлы реңлерде ҳәм безеўлери менен.
  7. Кѳпшилик атақлы адамлар да брекет тағады ҳәм ѳз саламатлығы ушын умтылысын кѳрсеткен ҳалда, камера алдында күлгенде тартынбайды.
  8. Брекет тек ғана шырайлы күлкиге ийе болыў ушын пайдаланылмайды. Олар тислердиң саламат болыўына да жәрдем береди. Қыйсық ѳскен тислер кариес ҳәм исиниў кеселликлерине тез шатылады.

Егер сен брекет тағатуғын болсаң яки енди қоймақшы болсаң, оларды қуўаныш ҳәм мақтаныш пенен тағып жүр, себеби тез арада сен шырайлы күлкиге ийе боласаң!

Keyingi