Кариес ҳәм оның алдын қалай алыўға болады?
Кариес – ең кѳп тарқалған аўыз бослығы кеселликлериниң бири. Ѳзиңде кариес пайда болғанын билиў қыйын емес. Тис эмалы реңиниң (қаралтым яки ақшыл дақлар) яки қурылысының ѳзгериўи, мысалы гедир-будырлылықлар пайда болыўы, кеселликтиң басланғанынан дәрек береди. Тислердиң аўқат жегенде, әсиресе ширели, муздай ҳәм ыссы аўқат жегенде аўырыўы, сондай-ақ себепсиз пайда болатуғын аўырыў да кариес пенен биргеликте кешеди. Аўыздан жағымсыз ийис келиў де кариестиң және бир белгиси.
Кариес тислерден айырылыўдың ең кѳп ушырасатуғын себеби есапланады. Оның алдын алыў ушын, аўыз бослығы гигиенасы талапларына қатаң әмел етиў керек. Аўыз бослығында бактериялардың кѳп болыўы тис ҳәм тис етлери саламатлығына қәўип туўдырады.
Карисетиң алдын алыў ушын тѳмендеги усынысларды орынлаў керек:
- Жылына кеминде еки рет стоматологка кѳрин. Бул тислердиң зыянланыўының ерте алдын алады;
- Тислериңди дурыс тазала: тислерди ҳәр күни кеминде еки мәрте 2-3 минут даўамында, турақлы түрде, жақсылап тазалап тур;
- Жыллы ишимликлерди ишиң ҳәм аўқатты жыллы ўақтында қабыллаң. Жүдә ыссы яки жүдә салқын ишимликлерди ишпе;
- Қурамында қант бар ҳәм уннан таярланған ѳнимлерди кемирек қабылла;
- Ҳәр түрли ҳәм балансланған аўқатларды қабылла;
- Ҳәр күни қам овощларды жеп тур. Бул аўқатланыў ўақтында тислердиң тәбийий жол менен тазаланыўын тәмийинлейди;
- Балық ҳәм теңиз ѳнимлерин жийи қабыллап тур, олардың қурамында кѳп муғдарда фосфор ҳәм D витамини бар;
- Организмди кальций менен байытыўшы сүт ѳнимлерин қабыллап тур;
- Аўқатты жақсылап шайнап же;
- Аўқаттан кейин аўызыңды шайып тасла яки тислериңди тазалаў ҳәм аўыз бослығындағы қышқыл-силти балансты жақсылаў ушын саққыз шайна;
- Тис араларын тазалаў ушын арнаўлы тис тазалаў сабақларынан пайдалан.