Зубная нить.png

Тис ети не ушын аўырады ҳәм буған не ислеўге болады?

Тис етиндеги аўырыў кең тарқалған машқала болып табылады. Егер ўақтында шарасын көрмесеңиз, бул аўыр ақыбетлерге алып келип, буның нәтийжесинде сиз ҳәтте тислериңизден айрылыўыңыз да мүмкин.

Аўырыўдың себеби тисти қоршап турған тоқымаларда исиниў процеси болып табылады. Кеселликтиң дәслепки басқышы гингивит деп аталып, кейинирек пародонтит, периодонтит ҳәм периостит пайда болады. Тис ети аўырыўы тис кеселликлериниң белгиси болыўы мүмкин.

Тис етинде аўырыў төмендеги себеплерге бола пайда болады:

  • аўыз бослығына күтим жасамаў;
  • тис қатпарлары ҳәм таслары;
  • кариес;
  • надурыс орнатылған винирлер, брекетлер ҳәм пломбалар;
  • механикалық зақым алыў;
  • иммунитеттиң төменлеўи;
  • гормонал системадағы бузылыўлар.

Тис етиндеги аўырыў төмендегилер менен бирге жүреди:

  • тис етиниң қызарыўы ҳәм исиўи;
  • қан кетиўи;
  • аўыздан бәд ийис келиўи;
  • жоқары сезиўшеңлик.

Тис ети аўырса, бирақ ҳәзирше шыпакерге барыўдың илажы болмаса, исиниў дәрежесин өзиңиз ўақытша төмендегилер жәрдеминде түсириўиңиз мүмкин:

  • тис ети аўырыўын қойдырыўшы гельлер;
  • исиниўди тоқтатыў ушын шөплерден (ромашка, шалфей, эвкалипт) таярланған демлемелер менен аўызды шайыў.

Тис ети емленбесе не болыўы мүмкин?

Тис етинен қан кетиўине ҳәм исиниўине көпшилик итибар бере бермейди, себеби олар бул белгилерди әҳмийетсиз деп биледи, бирақ бул пикир надурыс. Егер емленбесе, тис ҳәм тис ети ортасындағы бирикпе ўақыттың өтиўи менен бузылады ҳәм тислер босап, түсип қалыўы мүмкин.

Сонлықтан да, егер тис етинде аўырыўлар болса, әлбетте, тис шыпакерине көриниўиңиз керек.

Тис етинде исиниўлердиң алдын алыў ушын төмендегилерге әмел етиўиңиз керек:

  • ҳәр күни кеминде 2 рет тислериңизди жуўың;
  • тислердиң арасын тис сабақлары менен тазалап, аўызды шайыў суйықлығынан пайдаланың;
  • жылына 2 рет тис шыпакерине көриниң;
  • системалы кеселликлерди өз ўақтында емлетиң;
  • Шийки түринде пайдаланылатуғын, өсимлик талшықлары жоқары болған палыз егинлери ҳәм мийўелерди (алма, сельдерей, гешир) тағамнамаңызға киргизиң.
Aldıng’ı