Зубная паста и щетка.png

Тис пастасы: пайдалы ҳәм зыянлы тәреплери

Тис пастасын сатып алыў бул ѳнимниң түрлериниң кѳп болғанлығы ушын қыйынырақ болыўы мүмкин. Кѳпшилигимиз тис пастасын сатып алғанда нелерге итибар қаратымыз? Жақсы тис пастасы тек кариестен қорғап ғана қалмай, ол тислердеги минераллардың сақлап қалыныўын тәмийинлеўи ҳәм ең әҳмийетлиси, тис эмалына зыян жеткермеўи керек. Тис пастасын таңлағанда тек оның ийиси яки дәмине емес, ал оның қурамына да итибар қарат. Егер сенде аллергия бар болса бул жүдә үлкен әҳмийетке ийе, себеби тис пастасы қурамында кѳплеген компонентлер, сондай-ақ ѳсимлик компонентлери де бар.

Пайдалы ингредиентлер:

Фтор

Фтор тис пастасының кариеске қарсы гүресиўши тийкарғы компоненти болып, ол тис эмалын беккемлейди ҳәм кариестиң алдын алыўға жәрдем береди.

Калий нитраты

Егер тислериңниң сезгирлиги жоқары болса, қурамында тистиң сезгирлигин кемейтиўши калий нитраты бар тис пастасын таңлаўың зәрүр. Оның нәтийжесин сезиў ушын, бул түрдеги тис пастасынан турақлы түрде пайдаланып барыўың керек. Егер тисиңди күнине еки мәрте тазалайтуғын болсаң, ѳзгерислерди сезиў ушын бир неше ҳәпте зәрүр болады.

Цинк цитраты

Цинк цитраты ѳзинде бактерияларды сақлаўшы тислерди қаплаўшы жабысқақ қаплама түриндеги қатламлардың пайда болыўын кемейтеди. Бул қатламлар силекейдеги кальцийди ѳзине сиңирип алып тислерде тас пайда етеди.

Кальций карбонаты

Кальций карбонаты тислерди тазалап, дақларды кетириў қәсийетине ийе зат. Қурамында кальций карбонаты бар тис пастасын тез-тезден пайдаланыў тислерге зыян келитириўи мүмкин екенлигин инабатқа ал.

Водород пероксиди

Водород қышқылы тислердеги дақларды кетириў қәсийетине ийе.

Тис пастасындағы зыянлы ингредиентлер

Тис пастасы қурамындағы барлық ингредиентлер де тис ушын пайдалы есапланбайды. Айырымлары қатты ҳалда болып, эмальдың жемирилиўине себеп болыўы мүмкин.

Натрий лаурилсульфаты

Айырым тис пасталары қурамында натрий лаурилсульфаты болады. Ол тисти тазалаў ушын кѳбик пайда етеди. Гейпара адамларда ол аўызда жара, қызарыў, исиниў яки қабыршақланыў пайда етиўи мүмкин.

Активлестирилген кѳмир.

Тисти ағартыўшы қәсийетине ийе болғанлықтан кѳпшилик тис пасталары ингредиентине айланды, бирақ ол эмальдың жемирилиўине себеп болыўы мүмкин.

Жоқарыда кѳрсетилген түрлеринен басқа тис пасталарының ересеклер ҳәм балалар ушын арналған түрлери болады. Тис пасталары тек «ересеклер ушын яки балар ушын» деп бѳлинип қоймай, ер жетиў дәўириниң ҳәр қыйлы басқышларына (жынысый жетилисиў), саламатлығындағы ѳзгерислер ҳәм басқа да ѳзгерислер итибарға алынады. Стоматолог кѳригинен ѳтип турыў да әҳмийетли саналады. Стоматолог, сен ушын қайсы тис пастасы туўры келетуғынлығын анықлап береди.

Aldıng’ı Keyingi