Асықпа! Жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел қыл!
Бул мақалада қәўипсиз жѳнелис бойлап ҳәрекетлениў ҳәм жолдың қыйын бѳлимлери ҳаққында билип аласаң.
Адамлар кѳшеге шыққанда яки транспортта жүргенде белгили бир қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етпейди. Ҳәттеки, бул қағыйдалардың тийкарғы мақсети адам ѳмирин сақлап қалыў есапланса да.
Пияда сыпатында тѳмендегилерди есте сақла:
- Жолдағы ең үлкен қәўиплер болып кесилиспелер, жоқары тезликте ҳәрекетлениў бѳлимлери, жолдың кѳриниўи шекленген орынлар ҳәм жолдағы музқала есапланады;
- Ҳәттеки машина болмаған жағдайда да, жолды қызыл шырақта кесип ѳтпе;
- Жолды ѳтпестен алдын еки тәрепиңе қарап болып, дәслеп шеп тәрепке, соң оң тәрепке қарағаннан соң кесип ѳт;
- Жолға тротуардан әсте-ақырынлық пенен шығыў керек, жуўырып шығыўға болмайды;
- Жолға қандай да бир тосықлардың, яғный жол шетинде турған транспорт, тосықлар, путалар артынан жуўырып шықпа. Себеби сен жолға тосаттан шыққаныңда айдаўшы тормозлап үлгермейди;
- Тек тротуар бойлап ҳәрекетенлен. Егер тротуар болмай, жолдың жағасында ҳәрекетлениўге мәжбүр болсаң, машиналардың саған қарама-қарсы бағытындағы тәрепинде ҳәрекетлен;
- Айдаўшының дыққат-итибарлы болыўына исенбе, тек ѳзиңе исен;
- Егер жаныңда ата-анаң болмаған жағдайда, жолды басқа пиядалар топары менен биргеликте кесип ѳт.
Пияданың ең баслы қағыйдасы бул қәўипти алдыннан анықлаў ҳәм оның алдын алыў екенлигин ядыңда тут.
Кѳшеде ҳәм жолларда ѳзиңди қалай тутыў кереклигин билиўиң зәрүр:
- Пияда сыпатында саған тротуар ҳәм пиядалар жолынан жүриўге рухсат етиледи. Егер олар жоқ болған орынларда, жолдың шетинен яки велосипед жолынан жүриўге болады;
- Жолдың қатнаў бѳлегине шықпа, транспортлар ҳәрекетине кесент етпе;
- Роликлерде, скейтбордта, лыжаларда тек қоршалған орынларда жүр, жолдың қатнаў бѳлегине шықпа;
- Жолды кесип ѳтпекши болсаң, велосипедтен түсип оны жетелеп, ал скейтбордты қолыңа алып ѳт.