ВЕЛОСИПЕДШИЛЕР УШЫН ЖОЛ

Велосипед жолы тек велосипедте ғана ҳәрекетлениў ушын мѳлшерленген арнаўлы жол есапланады. Бул, велосипедшилер басқа ҳәрекет қатнасыўшыларына қарағанда абзаллыққа ийе жалғыз орын саналады. Сол ушын, оларға кесент бермей, ѳзлериниң мәнзилине аман-есен жетип алыўына имканият жаратайық.

Велосипедшилер велосипед ушын арналған жолларда тезликти асырмайды, олар ѳзлерине қолайлы тезликте ҳәрекетлениў ҳуқықынан пайдаланады. Велосипедши бул жолда пүткиллей нызамлы түрде ҳәрекетленеди.

Егер, айырым себеплерге байланыслы велосипед жолынан жүрген болсаң, велосипедте ҳәрекетленип киятырғанларға кесент бермеўиң керек. Кесент етиў дегенимиз оны тормозлаўға яки тоқтаўға, сени айланып ѳтиўи яки маневр ислеўине мәжбүрлеўди билдиреди.

Aldıng’ı