Велосипедшиниң ҳәрекет тили
Басқа жол ҳәрекети қатнасыўшылары велосипедши ҳәрекетинен хабардар болыўы ушын велосипедши бала арнаўлы сигналларды еслеп қалыўы керек:
- қапталға созылған шеп қол - шепке бурылыўды аңлатады;
- шеп қол шығанақтан бүгилип, жоқарыға бағдарланған болса – оңға бурылыў
- тѳменге түсирилген шеп қол - тоқтаў.
Балалардың қәўипсиз велосипед басқарыўы ушын оларға тѳмендегилерди үйретиўимиз зәрүр:
- Велосипедти басқарғанда қулақшынлар арқалы музыка тыңлаў ҳәм телефонда сѳйлесиў мүмкин емес;
- әтираптағы жағдайды дыққат пенен бақлап барыў: транспорт ҳәм пиядалар ҳәрекети, жолығыўы мүмкин болған тосықларға итибар бериў;
- ҳәр дайым тезликке, велосипед басқарыў тәжирийбесине ҳәм жол қапламасының сапасына итибар қаратыў;
- тезликти кескин пәсейтиўге таяр болыў; Бул, әсиресе бала яки жас ѳспиримлер велосипедти жақсы басқарып билмеген жағдайларда жүдә үлкен әҳмийетке ийе.
Жаўында велосипедти қәўипсиз басқарыў ҳаққында кейинги мақалада оқып алың!