Мотоциклисты.png

Гироскутер ҳәм сегвейлер

Гироскутер — еки дѳңгелекли электромотор арқалы ҳәрекетленетуғын платформа. Оның рули болмайды, сонлықтан ол дене қәддин ѳзгертиў арқалы басқарылады. Ал сегвейлерде руль платформаға орнатылған болады. Бирақ, ислеў принципи гироскутер менен бирдей: егер сиз алға қарай еңкейсеңиз – қурылма ҳәрекетлениўди баслайды, ал арқаға қарай шалқайсаңыз, тоқтайды. Руль тек оңға ямаса шепке бурылыўға жәрдемлеседи.

Бул басқарыў усылы сегвейдиң ѳз бетинше тең салмақлықты сақлаў механизми себебинен әмелге асады: автомобильге орнатылған гироскопиялық ҳәм суйықлық датчиклеринен сигналлар двигательлерди басқаратуғын микропроцессорға жибериледи.

Сегвейди экологиялық таза ҳәм жоқары технологиялы кѳликлер ислеп шығарыў бойынша Segway компаниясының тийкарын салыўшы америкалық Дин Кеймен ойлап тапқан. Бул атама «segue» («сол тәризде даўам етиў» деп аўдарма етилген) музыкалық терминнен келип шыққан. Биринши ғалабалық ислеп шығарылған сегвей 2002-жыл ноябрь айында сатыўға шығарылды.

Сегвейде де, ересеклерге арналған гироскутерде де саатына 20 км тезликте ҳәрекетлениўге болады. Балаларға 5-6 жастан баслап гироскутерди басқарыў усынылады. Олар ушын саатына 15 км ге шекем тезленетуғын 4,5-6,5 дюймли дѳңгелеклери бар модельлер қолайлы.

ЖҲҚ не жазылған? Гироскутер ҳәм самокатты тек тротуарда жүргенде миниўге болады

Aldıng’ı Keyingi