Знак1.png

Дүньяда жол ҳәрекети қәўипсизлиги қағыйдалары бойынша қызықлы фактлар (1-бѳлим)

Жол ҳәрекети қәўипсизлиги ҳәр қыйлы еллерде ѳзине тән айырмашылықларға ийе. Бул қубылыс ҳәр қыйлы кѳз-қараслар, үрп-әдет ҳәм мәдениятқа тийкарланған.

ЕВРОПА

Люксембургте ҳәр бир автомобильдиң алдыңғы айнасы болса да, болмаса да айна тазалағыш пенен үскенеленген болыўы тийис

Швейцарияда машиналарды екшемби күни жуўыў қадаған етиледи, сондай-ақ, Церматт қаласында жанар май менен ҳәрекетленетуғын машинада жүриўге тыйым салынған. Ол жерде тек ғана велосипедте, атларда, электромобильде ҳәм жаяў ҳәрекетлениўге рухсат етилген. Ал, қағыйданы бузған жағдайда айдаўшылық ҳуқықынан айырып, кѳп муғдардағы жәриймаға тартылыўы мүмкин.

Данияда жолда қолайсыз ишаралар менен эмоцияларды билдириў қадаған етиледи. Бундай ҳәрекетлер ушын бир неше жүз ямаса мың евро әтирапында жәрийма салынады. Сол себепли, сизден әлпайым мүнәсибетте болыўыңыз талап етиледи. Ал, кери жағдайда сизиң қалтаңыз буннан жәбир шегиўи мүмкин. Бундай жағдайлар туристлер арасында жийи ушырасады. Сондай-ақ, бул қалада машинаны ходламастан алдын шәртли түрде кѳзден ѳткериў керек. Машинаның астында ҳеш нәрсе жоқ екенлигине исеним туўдырыў тийис.

Финляндияда дүнья жүзи бойынша енгизилген жәриймалар муғдарына қарағанда ѳзгеше система орнатылған. ЖҲҚ қопал тәризде бузғанлар ушын белгили бир сумма белгиленбеген, ал қағыйданы бузыўшыға оның ең соңғы табысының процентлик қатнасынан келип шығып, жәрийма белгиленеди.

Кипр атаўларында машинаны басқарып баратырғанда аўқат жеўге ямаса ишимлик ишиўге болмайды. Ѳйткени, бундай жағдайлар авариялық ҳәдийселерге себеп ретинде қаралады. Сондай-ақ, бул мәмлекетте емлеўхана жанынан ѳтип баратырғанда сигнал бериў қадаған.

Испанияда кѳриў қәбилетин дүзетиўге арналған кѳз әйнек тағатуғын автомобиль ийелери машинасында ѳзи менен бирге қосымша кѳзәйнек алып жүриўи тийис.

Бул мақаланың даўамын келеси бѳлимде оқың.

Aldıng’ı Keyingi