Светофор.png

Дәслепки светофорлар қалай пайда болған?

Машиналар болмаған гезлери қала кѳшелери ҳәм жолларда ат жегилген ҳәм телеген арбалар ҳәрекетленетуғын еди. Деген менен сондай жағдайларда да бахытсыз ҳәдийселер жүз бериўи мүмкин еди. Пиядалар қәлеген жеринде жүре беретуғын болған. Ѳйткени, жол ҳәрекети қағыйдалары еле пайда болмаған еди.

Кѳшелерде ҳәм жолларда ҳеш қандай аварияларды болдырмаўға ҳәм пиядалар турмысына қәўип туўдырмаў ушын тәртип орнатыў тийис болды.

Биринши светофор 1868-жыл 10-декабрьде Лондон қаласы Уллы Британия парламенти имаратының жанында орнатылды. Оны темир жол семафорлары бойынша қәниге Ж.П. Найт ойлап тапты. Бул светофор жүдә әпиўайы, қызыл ҳәм жасыл реңли еки диск ҳәм кѳрсеткиш формасында болған. Бир адам светофорды басқарып турған. Ол тек кѳрсеткишти реңли дисктиң биреўинен екиншисине ѳткерип турған ҳәм жол ҳәрекети қатнасыўшылары оған қарай ҳәрекетлениўи ямаса бир орында турыўы керек екенлигин билген.

Деген менен еки реңли светофор қолайсыз болып, адамлар қайсы ўақытта ҳәрекет етиўди баслаў кереклигин түсинип үлгере алмайтуғын еди. Бул кѳбинесе түсинбеўшиликлерди жүзеге келтирип шығаратуғын еди.

Кешқурынлары светофор айланатуғын газ шыра жәрдеминде жарытылған. Оны қолланған гезде нәўбет пенен қызыл ҳәм жасыл сигналлар берилген. 1869-жыл 2-январьда светофор жарылып, нәўбетши полицияны жарақатлаған.

Тек жигирмаланшы әсирдиң басларында, 1912-жылы Америкада электр токы жәрдеминде ислейтуғын дәслепки автомат светофорды Лестер Вайр жаратқан. Онда еки рең - тѳменде жасыл шырақ ҳәм жоқарыда қызыл шырақ болған.

1920-жылы үш реңли светофорды америкалы Уиллиам Поттс ойлап тапқан. Үшинши рең сары болып, аралық реңге айланды ҳәм “Дыққат етиң!” мәнисин аңлатқан. Бундай светофор “аяқ”лы, яғный бақанға орнатылған. Оның ислеўи ушын шынжыр менен қызыл, сары, ал оннан кейин жасыл реңли дискти кѳтеретуғын адам да керек болған.

Keyingi