Велосипед.png

Жас велосипедшиниң әнжамлары

Толық әнжамларға ийе велосипедшини кѳргениңде «Бул профессионал спортшы, мен бундай болып кийиниўим шәрт емес» деп қаншели жийи ойладың?

Әҳмийетли! Велосипедке отырмастан алдын қәўипсиз ҳәрекетлениўди (рульге, шынжырға ҳәм тағы басқа нәрселерге илинбеў ушын) тәмийинлеўши кийим кийип алыў зәрүр. Бул ушын тѳмендегилерден ибарат болған спорт кийимин яки әнжамлардан пайдаланыў керек:

  • Шәртли түрде жақтылықты қайтарыўшы сызықлары болыўы;
  • Зәрүрли минимал қорғаўды тәмийинлеўи – бул аўыр жығылыўдан соң ѳзгертилиўи (ҳәттеки сырты пүтин болса да, себеби ишки конструкциясы бузылған болыўы мүмкин) керек болған исенимли шлем ҳәм қорғаўшы кѳзәйнеклер.

Велосипедти айдаўдан алдын нелерге итибар қаратыў керек?

Транспорт қуралының пайдаланыўға таяр екенлигин тексериў – бул баланың велосипедте қәўипсиз ҳәрекетлениўи қағыйдаларының бири. Велосипедти айдаўдан алдын оның техникалық жағдайын тѳмендеги кемшиликлер жоқ екенлигине тексериў:

  • жарықлар;
  • деформация;
  • ийилиў;
  • желинип кетиўлер;
  • бояўдың қыршылыўы.

Шәртли түрде тексерилиўи зәрүр:

  • руль ҳәм фаралардың сазлығы;
  • даўыс сигналы ҳәм тормозлардың сазлығы;
  • жақтылық қайтарыўшылардың бар ҳәм таза екенлиги;
  • дѳңгелеклердеги ҳаўа басымы;
  • дѳңгелеклердиң орайда туўры жайласыўы;
  • спицалар ҳәм шынжырдың дурыс тартылыўы;
  • арқаны кѳрсетиўши айналардың бар ҳәм саз екенлиги;
  • отырғыштың велосипедши бойына сай екенлиги.
  • Педальдың тѳменде турған жағдайында аяқ бираз бүгилиўи.

Бул әпиўайы қағыйдалардың барлығы жүдә үлкен әҳмийетке ийе ҳәм автомат тәризде орынланыўына ерисилиўи зәрүр. Тек қәўипсизлик қағыйдаларын сақлаған ҳалда ғана велосипед айдаўдан ҳақыйқый заўық алыўға болатуғынлығын естен шығармаң.

Aldıng’ı Keyingi