Жаўын жаўып турғанда велосипед айдаўға болады ма?
Кѳпшилигимиз велосипедте сейил еткенди унатамыз. Бул транспорт түри салматлығымызға да, қоршаған орталыққа да пайдалы есапланады. Бирақ, сондай жағдайлар болады, ҳаўа-райы себебинен бул транспорттан пайдаланыўда қыйыншылықлар туўылады.
Жаўын жаўып турғанда велосипед айдаў қаншели қәўипли?
Бириншиден, ығаллық велотранспорттың техникалық жағдайын тѳменлетип, деталларының хызмет етиў мүддетлерин кемейтеди. Сол себепли, велосипедти жаўында айдамаған мақул.
Егер сен жаўын астында велосипед айдаўға қарар етсең, онда бундай ҳаўа-райы жағдайында тѳмендегилерди итибарға алыўың зәрүр:
- Дѳңгелектиң жол менен жақсы тислеспеўи;
- Тормозлардың ислеўи бираз тѳмен болады, нәтийжеде тормоз жолы созылады ҳәм соқлығысыў қәўпи пайда болады;
- Тек велосипедши ушын емес, ал автомобиль басқарыўшысы ушын да жолдың кѳриниўи тѳменлейди;
- Бурылыўды тек ең тѳмен тезликте орынлаў керек.
Күнниң қараңғы ўақтында, жолдың тѳмен кѳриниўи жағдайында велосипедте ҳәрекет еткенде тѳмендегилерди орынлаў шәрт:
- Алдынғы фараны ҳәм артқы шырақларды жағып қойыў;
- Жақтылықты қайтарыўшылар тазаланған ҳәм дурыс орнатылған болыўы;
- Жақтылықты қайтарыўшылары бар ашық реңдеги кийим кийиў, себеби баланың басқа ҳәрекет қатнасыўшылары ушын кѳринип турыўы жүдә үлкен әҳмийетке ийе.
Бул шаралар жол ҳәрекети ҳәдийселери қәўпин сезилерли дәрежеде кемейтеди.