Жолдан узақлаўда жүриўге ҳәрекет ет
Дүнья жүзи бойлап велосипед жоллары улыўма тәртип бойынша жолдың қатнаў бѳлими тәрепине, ал пиядалар ушын жоллар тротуардың жолдың қатнаў бѳлиминен узағырақ тәрепине жайластырылады. Жол белгилери қағыйдаларына муўапық, велосипед жолы жол белгилери ҳәм сызықлары менен белгиленеди. Деген менен, ўақыттың ѳтиўи яки оңлаў жумыслары нәтийжесинде бояўлар ѳшип кетиўи мүмкин. Бундай жағдайларда қағыйдаларды билиў кѳп жәрдем береди.
Велосипедшилер ҳәрекетленгенде аңлы түрде тротуардың жолға жақын тәрепин таңлайды, сонлықтан пиядалар тротурадың екинши, яғный жолдан узағырақ тәрепинен жүриўи тийис.
Мысалы, таксиге отырыўға асығып баратырғаныңда яки имараттың ишинен шыққаныңда пиядалар ѳтиў орнына жақынлағаныңда, жолдың еки тәрепине де нәзер салып, тротуардағы велосипед жолын кесип ѳтпеўиңе ҳәм велосипедшиге кесент бермейтуғынлығыңа исенимиңиди кәмил қыл.