Жол ҳәрекети қағыйдалары ҳаққында қызықлы фактлар (2-бѳлим)
Ѳткен мақалада биз Европаның айырым мәмлекетлери ҳәм Кипр атаўындағы жол ҳәрекетиниң айрықша қағыйдалары менен таныстырып ѳткен едик. Бүгин сиз жол ҳәрекети қағыйдаларына байланыслы бир нешше қызықлы фактларды үйренесиз.
АРҚА АМЕРИКА
Мексикадағы транспорт ҳаққында қызықлы факт: бул жерде ешек жеке транспорт сыпатында саналады. Оның менен нызамлы түрде ҳәрекет етиў ушын оның ийеси айдаўшылық гүўалығын алыўы тийис. Соның менен бирге гүўалықта ешектиң ҳәм оның ийесиниң сүўрети болыўы керек.
АҚШ
Колорадо штатының Денвер қаласында ЖҲҚна таң қаларлық пункт киргизилген: екшемби күнлери қала бойлап қара автомобильде жүриў қадаған етилген.
Делавэр штатында ҳәрекетленип баратырған автомобильде кийиниў қатаң қадаған етиледи. Буның ушын жәрийма белгиленген. Егер ѳрт себепли асығып баратырған болса, бул қағыйда оларға тийисли емес болып табылады.
Турпайы ҳәм қызық болып түйилген ЖҲҚ Теннеси штатының нызамшылығында да бар. Ол жерде жүрип баратырған машинадан китти атыўға болмайды. Деген менен ол жерде теңиз де, океан да жоқ. Бул штат тиккелей қурғақлықта жайласқан. Сонлықтан да, бул аймақта китлер жасамайды ҳәм ҳеш қашан болмаған.
Пенсильвания штатының ЖҲҚ бойынша автомобиль ийелери машиналарында жүдә үлкен қаплама алып жүриўи тийис. Ол ат жегилген арба менен дусласқанда атты үркитип жибермеў ушын машинаны қаплап таслаўға керек болады.
АРАБ ӘМИРЛИКЛЕРИ
Араб Әмирликлеринде жол ҳәрекети қағыйдалары тек ғана ЖҲҚ менен емес, ал «қара тамғалар» арқалы да қадағаланады. Жыл даўамында алыўы мүмкин болған қара тамғалардың максимал саны – 24. Егер олардың саны артып кетсе, транспорт басқарыўшысын айдаўшылық гүўалығынан айырады ҳәм ол жынайый жуўапкершиликке тартылыўы мүмкин. Егер транспорт басқарыўшысы қағыйданы бузғанда бирден 24 тамға алыўы мүмкин болған жағдайлар да ушырасады. Мысалы, мәс ҳалында транспорт қуралын басқарыў; қәўипли тәризде машинаны басқарыў; мәмлекетлик белгиси болмаған транспорт қуралын басқарыў; транспортты саатына 60 км ден аслам тезликте басқарыў, ЖҲҲ ақыбетинде инсанның набыт болыўы;
АВСТРАЛИЯ
Австралияда полиция хызметкерлери пухаралардың машинасында жүрип, жолдың ҳәрекетлениў бѳлегиниң қәлеген тәрепинде ҳәрекетленип атырған автомобильлердиң тезлигин қадағалай алады. Соның менен бирге, полиция хызметкерлеринен егер де қағыйда бузыўшы спорткар автомобильлеринде ҳәрекетленип атырған болмаса олардан қашып қутылыўы мүмкин емес. Ѳйткени, олар жүдә күшли машиналар менен тәмийинленген.
АЗИЯ МӘМЛЕКЕТЛЕРИ
Японияда дүнья жүзиндеги басқа кѳплеген мәмлекетлер сыяқлы, машинаны басқарыўды жаңа үйренип атырған адамлар автомобильге арнаўлы ескертиўши белги орнатыўы тийис. Ол жерде жас нәўшениң сүўрети сәўлеленген. Усының менен бирге, Япония ЖҲҚ айрықша айырмашылыққа ийе – 75 жастан жоқары болған транспорт басқарыўшылары ушын да белги орнатылыўы тийис. Японияда тағы бир қағыйда бар. Егер ҳаўа райы бузылыўы нәтийжесинде кѳше бойлап жүрип баратырған адамларға суў ямаса ылай шашыратса, кѳп муғдарда жәриймаға тартыў белгиленген. Бул қағыйда ҳәр қыйлы мәмлекетлердеги пиядаларға жүдә унады.
Қытайда ѳткел алдында тоқтаў, ҳәттеки тезликти пәсейтиў қадаған етиледи. Сонлықтан, туристлер ямаса бундай жағдайға үйренбеген адамлар ушын үлкен стрессли жағдай пайда етеди. Буннан тысқары, Қытайда қағыйданы бузыўшылар ушын жәрийма упайлары системасы енгизилген. Егер адам бир жылда 12 ҳәм оннан да артық упай топласа, ол айдаўшылық гүўалығынан айырылыўы ҳәм де жуўапкершиликке тартылыўы мүмкин.
Саудия Арабстаны басқа мәмлекетлер арасында патриархал дүзими менен танылған ел болып табылады. Бирақ, кѳпшилик адамлар бул жерде 2018-жылға шекем ҳаяллардың қәлеген транспорт қуралын, ҳәттеки велосипед басқарыўы қатаң қадаған етилген еди. Олар жасаў аймақларындағы тек ғана тар кѳшелерде ҳәрекетлениўине рухсат етиледи.
Таиландта тѳмендеги тәриздеги қағыйда әмел етеди: машинаны кѳйлек, футболка ямаса майкасыз басқарсаңыз жәриймаға тартыласыз.
Қубла Корея коррупцияға тиккелей қарсы: бул жерде полиция хызметкерлери пара алған ҳәр қандай хызметкер бойынша баслығына миннетли түрде хабарлаўы керек. Бул мәмлекетте нызамлы рәўиште белги орнатылған орынларда шепке бурылыўға рухсат етиледи. Қалған жағдайларда шепке бурылыў жол ҳәрекети қағыйдаларының бузылыўы деп есапланады.