Машина.png

Жол ҳәрекети ҳәдийселериниң ең кең тарқалған себеплери

  1. Жолдың ҳәрекетлениўши бѳлегиндеги белгиленбеген орнында пияданың жақынлап қалған транспорт қуралының алдына шығыўы

Жүдә аз сандағы адамлар жолдың ҳәрекетлениў бѳлегин кесип ѳткенде, жән-жағына дыққат пенен қарап, ҳәрекет ўақтында оң ҳәм шеп тәрептеги жағдайды қадағалаўға әдетленген.

  1. Автобус, троллейбус ҳәм басқа да тосықлардан жолдың ҳәрекетлениў бѳлегине ѳтиўи.

Айырым пиядалар транспорт қуралынан түскеннен соң пиядалар ѳткели арқалы кесип ѳтиўге ямаса путалар арасынан шыққанда жән-жағына қараўға әдетленбеген.

  1. Жолдың ҳәрекетлениўши бѳлегинде ойнаў.

Балалар ҳәр қандай бос турған орынларды ойнаўға болатуғын жер деп түсинеди. Балаларға қай жерлерде ойнаў мүмкин екенлиги, ал қай жерде қәўипли екенлигин түсиндириў әҳмийетли.

Пияданың жолда қәўипсиз ҳәрекетлениўине арналған тийкарғы бес қағыйданы тәкирарлаймыз.

  1. Жолды тек белгиленген орынларда ғана кесип ѳтиң: пиядалардың жолды кесип ѳтиўине арналған орынларында ямаса тротуар бағдары бойлап кесип ѳтиў орынларында, ал егер светофор ямаса жолды қадағалаўшы қәниге болған жағдайда тек рухсат бериўши сигнал ямаса ишара берилгенде;
  2. Жолды кесип ѳтиўден алдын тротуарда тоқтап, дәслеп шепке, соң оңға қарап, жақынласып киятырған транспорт қуралларына шекемги аралықты ҳәм олардың тезлигин анықлап, жолды кесип ѳтиў қәўипсиз екенлигине исеним туўдырың.
  3. Жолдың ҳәрекетлениў бѳлегин кесип ѳтип атырғанда жолдағы ҳәдийселерге дыққат аўдарың.
  4. Жолдың ҳәрекетлениў бѳлегин тек ғана еки тәрепи де жақсы кѳринетуғын орынларда кесип ѳтиң.
  5. Кѳк реңдеги жыпылықлаўшы шырақ ҳәм арнаўлы даўыс сигналына ийе автротранспорт қуралы жақынлап киятырғанда оларға жол бериў ушын пиядалар кесилиспеден ѳтпеўи, ал кесилиспеде турған адамлар жолдың ҳәрекетлениў бѳлегин дәрҳал босатыўы тийис.

Есиңизде тутың! Жолдағы қәўипсизлик кѳпшилик жағдайда сизиң ѳзиңизге байланыслы!

Aldıng’ı Keyingi