Автобус.png

Жәмийетлик транспортта ѳзлеримизди қалай тутыўымыз керек?

Жәмийетлик транспортта болғаныңда қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиў зәрүр екенлигин ядыңда тут.

  1. Жәмийетлик транспортты күткениңде арнаўлы миниў майданшасында тур. Егер ол жоқ болса, жолдың қатнаў бѳлиминен узағырақта тротуарда яки жол шетинде тур. Бәндирги – жолдың әҳмийетли бѳлеги саналады!
  2. Жѳнелисли транспортқа, ол толық тоқтағаннан соң ғана мин.
  3. Жәмийетлик транспорт салонында услағышлардан беккем услап тур.
  4. Жасы үлкенлерге ҳәм наўқас адамларға орын бер – бул тек әдеплилик емес, ал қәўипсизлик қағыйдасы болып та есапланады. Себеби, транспорт қуралы кескин тормозлағанда олар тез ҳәрекетлене алмай жығылыўы мүмкин.
  5. Айдаўшының дыққатын бѳлиў, сондай-ақ ҳәрекет даўамында транспорт қуралының есиклерин ашыў қадаған етиледи.
  6. Түскенде асығыслық қылмаў ушын алдыннан ертерек таярланыў зәрүр. Транспорттан шыққаннан соң асығыслық қылма. Әсиресе, жолды кесип ѳтиўиң керек болған жағдайда. Жолды тек пиядалар ѳтиў орнынан кесип ѳтиў кереклигин пуқта ѳзлестирип алыў зәрүр!

Транспортқа миниўде де дыққат ҳәм сақлық талап етилетуғынын ядыңда тут!

  1. Жәмийетлик транспорт толық тоқтағаннан соң ғана миниў ушын есикке жақынла. Транспортқа ең соңғы мәўритлерде минбе, себеби есиклер күтилмегенде жабылып, жарақатланыўың мүмкин. Бул жерде автобус яки троллейбусқа минбей аман-саў қалғаның мақулырақ.
  2. Автобус салонына тыныш, ҳеш кимди ийтермеген ҳалда мин.
  3. Есик алдында турмағаның мақул. Себеби, ол жерде түсиўши адамлар бәрқулла саған тийип ѳтеди, ал есик ашылғанда денениң айырым бѳлимлерин қысып қалыўы мүмкин.
  4. Ҳәрекетлениў даўамында орынлықта отырыў керек. Ал, егер бос орынлық болмаса, жығылып кетпеў яки жарақат алмаў ушын услағышлардан беккем услап турыў зәрүр.
  5. Жѳнелисли таксиде ҳәрекетлениў ўақтында тик турыў қадаған етиледи.
  6. Ҳәрекетлениў ўақтында айдаўшының дыққатын бѳлме, басқа жолаўшыларға кесент берме.
  7. Автобус тоқтамастан алдын секирип түсиў, есиктиң жабылыўына кесент етип текшелерде турыў, айналардан басты шығарып қараў қатаң түрде қадаған етиледи.
  8. Егер кимдур орынлық астында сумка яки қуты қалдырып шығып кетсе, бул ҳаққында дәрҳал ересеклерге яки айдаўшыға хабар бер.
  9. Жолаўшылардың автобустан түсиўине кесент етпе.
  10. Транспортқа музқаймақ яки пирожки алып минбе.
  11. Бәлент даўыста сѳйлеспе ҳәм музыка даўысын бәлент қылып қойма.
Aldıng’ı Keyingi