Кѳшелерди ҳәм жолларды қалай кесип ѳтиў керек?
- Жолдың қатнаў бѳлегин тек жер асты ѳтиў орны, пиядалар кѳпири ҳәм «зебра» сызығы сызылған яки «Пиядалар ѳтиў орны» белгиси қойылған орынлардан кесип ѳт!
- Светофор яки тәртипке салыўшы инспектор бар орынларда кѳшени тек олардың сигналы бойынша кесип ѳт.
- Ҳәрекет тәртипке салынбаған орынларда ҳәрекетленип киятырған транспортларға кесент етпеген ҳалда кѳшени кесип ѳт.
- Еки тәреплеме ҳәрекетке ийе кѳшеге келгенде тоқтап ал. Дәслеп шеп тәрепиңе қара, егер жақын аралықта машина болмаса, жүриўди даўам ет. Жолдың ортасына жеткенде оң тәрепиңе қара. Егер жақын аралықта машина болса, ортадағы сызықта турып машинаны ѳткерип жибер, кейин жолыңды даўам ет.
Буны ядыңда сақла! Егер жолда кѳк реңли маяк ҳәм арнаўлы даўыс сигналы (сирена) қосылған машина ҳәрекетленип киятырған болса, жолды кесип ѳтпе.