Автобус.png

МЕН – ЖӘМИЙЕТЛИК ТРАНСПОРТ ЖОЛАЎШЫСЫМАН

Жол ҳәрекети қағыйдаларында «жолаўшы» бул транспорт қуралындағы, сондай-ақ, транспорт қуралына миниўши ҳәм оннан түсиўши адам саналады. Демек, пияда тек автобус яки басқа транспорт қуралына мингенде емес, ал оған миниў мақсетинде транспорт қуралы есиклери тәрепине қарай ҳәрекетленгенде де жолаўшы есапланады.

Кѳпшилик адамлар: «Жол ҳәрекети қағыйдаларына айдаўшы ҳәм пиядалар әмел етиў керек. Ал мен жолаўшыман, мен транспортта баратырман, демек мен ушын айдаўшы жуўапкер»-деп ойлайды. Негизинде, жолдағы қәўипсизликти сақлаў жолаўшыларға да байланыслы болады. Жол ҳәрекети қәўипсизлиги қағыйдаларында жолаўшылардың ўазыйпалары белгиленген бѳлим киргизилген.

Үлкен қалалардағы яки транспорт ағымы кѳп үлкен жоллардағы айдаўшылар жумысы жүдә аўыр ҳәм жуўапкершиликли есапланады. Жолаўшылар айдаўшыларға қағыйдаларды бузыў арқалы олардың дыққатын бѳлип, қосымша қыйыншылықлар жаратпаўы тийис. Әдетте, жәмийетлик транспорттағы қәўип жолаўшылардың кескин тормозлаў жағдайына таяр емеслигине байланыслы болады.

Aldıng’ı Keyingi