Мотоциклисты.png

Моноколесо

Заманагѳй моноколесоның дәслепки түрин бензин менен ҳәрекетленетуғын уницикл деп есапласақ болады. Оны басқаратуғын адам үлкен дѳңгелектиң ишинде отыратуғын болған. Деген менен ол жүдә турақсыз болды, сонлықтан ол кеңнен тарқалмады. Бириктирилген аккумулятордан қуўат алатуғын ҳәм тең салмақты сақлап туратуғын гироскоплар менен үскенеленген заманагѳй моноколесоны жаратқан адам америкалы дизайнер ҳәм ойлап табыўшы Шейн Чен болып табылады.

Ҳәзирги ўақытта ересеклер де, балалар да монодколесодан пайдаланады. Оны қала ишинде басқарыўдан алдын, сиз тең салмақты сақлаўды үйрениўиңиз керек, ал велосипед айдаўды ямаса роликли конькиде ушыўды билсеңиз, бул сиз ушын еле де жақсырақ болады. 9 жасқа шекемги балаларға моноколесоны басқарыў усыныс етилмейди.

Моноколесоның орташа тезлиги саатына 50 км, ал балалар ушын оның тезлиги саатына 18-20 км ди қурайды. Дем алыў бағларында моноколесолар ижараға берилмейди.

Бул ҳаққында ЖҲҚда не деп жазылған? Моноколесо басқарыўшылары да пиядаларға арналған қағыйдаларға бойсыныўы тийис. Олар тек ғана тротуар бойлап ҳәрекетлене алады.

Назад Далее