Машина.png

Орынлықта гүман туўдырыўшы предмет табылса не ислеў керек?

Соңғы ўақытлары пуқаралар тәрепинен ѳзинде жарылыўшы затлар мүмкин болған гүман туўдырыўшы предметлердиң таўып алыныў жағдайлары ушыраспақта. Бундай предметлер тек текшеге шығыў майданлары, квартира есиклери алдында, мәкемелерде ҳәм жәмийетлик орынларда ғана емес, ал жәмийетлик транспортларда да табылып атыр. Бундай предметлер анықланғанда қандай жол тутыў керек? Қандай ҳәрекетлерди ислеў зәрүр?

Бундай затларды таўып алғанда қандай жол тутыў кереклиги ҳаққында кѳрсетпе:

  1. Егер сениңше сол жерде болмаўы керек болған қандай да бир предметти анықласаң, бул жағдайды итибардан шетте қалдырма.
  2. Егер жәмийетлик транспортта кимдур умытып қалдырған яки ийеси жоқ нәрсени таўып алсаң, әтираптағы адамлардан ол ҳаққында сорап анықластыр. Ол кимге тийисли екенлигин, ким оны таслап кеткенлигин анықлаўға ҳәрекет ет. Егер ийеси анықланбаса, бул нәрсе ҳаққында ересеклерге яки автобус айдаўшысына дәрҳал хабар бер.
  3. Егер белгисиз предметти ѳз үйиңниң кирер жеринде таўып алсаң, бул ҳаққында қоңысларыңнан сорап анықластыр, бәлким оларға тийисли болыўы мүмкин. Егер ийеси анықланбаса, бул нәрсе ҳаққында ересеклерге яки милиция бѳлимине дәрҳал хабар бер.
  4. Егер белгисиз предметти мәкеме ишинде таўып алсаң, бул ҳаққында дәрҳал мәкеме ҳәкимшилигине яки қорғаў хызметкерлерине хабар бер.

Тѳмендеги барлық жағдайларда:

  • Анықланған предметлерге тийме, орнынан қозғама, ашып кѳрме;
  • Предметти анықлаған ўақытты белгилеп қой;
  • Бул нәрседен адамлардың илажы болғанша узағырақта болыўына ҳәрекет ет;
  • Ишки ислер хызметкерлериниң келиўин күт.

Ядыңда тут! Предметтиң сыртқы кѳриниси оның не екенлигин жасырып турыўы мүмкин. Жарылыўшы затларды жасырыў ушын ең әпиўайы предметлер болған сумка, пакет, қуты яки ойыншықлардан пайдаланыўы мүмкин.

Ата-аналар! Балаңыздың ѳмири ҳәм саламатлығы ушын сиз жуўапкер есапланасыз. Балаларыңызға кѳшеде яки жайдың кирер орнында табылған ҳәр қандай предмет қәўипли болыўы мүмкин екенлигин түсиндириң.

Таўып алынған затлар яки гүман туўдырыўшы предметлер менен ѳз бетиңизше ҳеш қандай ҳәрекет ислемең, олар жарылыўшы қурылмалар болыўы ҳәм иске түсип кѳплеген қурбанлар ҳәм ўайранлықларға алып келиўи мүмкин.

Aldıng’ı Keyingi