СВЕТОФОР
Светофор дегенимиз не? Ол не ушын әҳмийетли? Оның реңлери нени аңлатады?
Светофор дегенимиз не?
Ол не ушын әҳмийетли?
Оның реңлери нени аңлатады?
Светофор — рус тилинен алынған болып – жарық ҳәм грек тилиндеги Thorós — «арбакеш» — дегенди аңлатады. Бул қурылма адамлар, велосипед, автомобиль ҳәм басқа да жол ҳәрекети қатнасыўшыларына, поезд ҳәм метрополитен, ҳәм теңиз транспортлары ушын арналған. Келиң, дәслеп ҳәммемизге таныс болған үш реңли светофордың – қызыл, сары ҳәм жасыл реңлери не мәнис аңлататуғыны менен танысып шығайық.
Қызыл рең қуяш жарқырап турғанда, жаўын ҳәм қар жаўып атырғанда ямаса думан түскенде, яғный ҳәр қандай ҳаўа райы шәраятында да жүдә анық кѳринеди. Дүньяда қызыл реңниң мәниси барлық жерде бирдей –ТОҚТА, яғный қәўип дегенди билдиреди.
Сары реңниң мәниси - абайлы болың! Светофордың сары реңи ортадағы аралық болып табылады. Ол ескертиў ўазыйпасын атқарады ҳәм жолдан пайдаланыўшыларды дыққат аўдарыўға шақырады. Сары рең ақыл, сезгирлик ҳәм зийрекликтиң тымсалы ретинде кѳринис табады. Әдетте, қызылдан кейин сары шырақ жанады ҳәм транспорт басқарыўшыларын ҳәрекетке таярланыўға шақырады.
Тәжирийбе кѳрсеткениндей, кѳплеген транспорт басқарыўшылары светофордың сары шырағын рухсат беретуғын сигнал ретинде қабыллайды ҳәм орынларынан қозғалыўды баслайды. БУЛ НАДУРЫС!!! Сары шырақ ҳәр қандай ҳәрекетти қадаған етеди ҳәм айдаўшылар ушын “таярланың, бирақ ҳәрекетти баслаў ушын жасыл шырақты күтиң” деген мәнисти аңлатады.
Светофордың келеси реңи – жасыл. Бул тынышлық, татыўлық реңи. Жасыл шырақ ҳәрекетлениўге рухсат береди. Бираз алдын қәлеген транспорт басқарыўшысы светофордан ѳтпей турып-ақ, бул реңди байқай алады ҳәм тормозды баспай, кесилиспени еркин кесип ѳтиўи мүмкин. Светофор кери тәртипте ислемейди (жасыл, сары, қызыл). Заманагѳй қурылмаларда қызыл жасыл реңнен соң бирден жанады, ал жасыл соңғы минутта жыпылықлайды.
Светофорлар ҳаққында кѳбирек билиўди қәлейсиз бе?
"Бул қызық" мақаласын оқың!