Мотоциклисты.png

Электробайк

Жаз айларында қалада әпиўайы велосипед ҳәм электробайклар менен жүретуғын кѳплеген адамларды ушыратыў мүмкин. Сыртынан қарағанда, электробайк рама ортасына коробка орнатылған болып, ишинде аккумуляторы турады ҳәм ол күшли моторлы дигершиги менен әпиўайы велосипедтен ажыралып турады. Егер перзентиңиз еле әпиўайы велосипедти айдап үйренбеген болса, ол ушын электробайкты басқарыў жүдә ерте. Еки дигершикли әпиўайы велосипедте тең салмақлықты сақлаў ҳәм үйрениў электробайкка қарағанда аңсатырақ. Ѳйткени, әпиўайы велосипедтиң салмағы 8-12 кг, ал электробайктың салмағы 12-20 кг ды қурайды.

Электробайкты басқарыў оншелли аңсат болмағанының тағы бир себеби, бир түймени басыў арқалы ол максимал тезликке жетеди. Ѳспиримлерге арналған моторлы велосипедлер саатына 30 км ге шекем пәтленеди, ал мектеп жасына шекемги балаларға арналған түрлери саатына 10-15 км тезликте жүреди. Электробайк пенен таўға шығыў, әпиўайы велосипедке қарағанда анағурлым аңсатырақ, деген менен физикалық күшиниң дәрежеси әлбетте тѳменлейди.

ЖҲҚда не жазылған? Егер жасыңыз 14 ке толмаған болса, сиз тек ғана тротуар ямаса велосипед ушын арналған жолдың бѳлегинде ҳәрекетлене аласыз. 14 жастан асқан жас ѳспиримлер ушын жолдың ҳәрекетленетуғын бѳлегиниң оң тәрепинде ҳәм жолдың шетинде жүриўге рухсат етиледи.

Егер сиз қатнайтуғын жолда велосипед ушын арналған жолша ямаса сызықша болатуғын болса, ҳәр қандай жағдайда да сол жол менен жүриўиңиз керек болады. Ал, егер ондай арнаўлы жоллар болмаса, жолдың ҳәрекетлениў бѳлегиниң оң тәрепин ямаса жол шетин таңлаң ҳәм ең кем дегенде тротуар арқалы ҳәрекетлениң. Тротуар биринши гезекте пиядалардың ҳәрекетлениўи ушын арналған.

Aldıng’ı Keyingi