Қандай ўақытлары велосипед айдаў қәўипсиз есапланады?
Бала 14 жасынан баслап жол ҳәрекети қатнасыўшысы болыў ҳуқықына ийе. Бул, бала усы жасқа жетемен дегенше ѳзин жолда қалай тутыў кереклигин билиўи шәрт екенлигин билдиреди.
Ол жол ҳәрекети қәўипсизлиги қағыйдаларын сақлаў ҳәм жол белгилерине бойсыныў ѳмири ушын жүдә әҳмийетли екенлигин, себеби бул ѳзине ҳәм басқа да жол ҳәрекети қатнасыўшыларына зыян келтирмеўге жәрдем беретуғынлығын түсинип жетиўи зәрүр.
- Егер жолда велосипедшилер ушын арнаўлы сызылған бѳлим болса, велосипедши сол жолдан жүриўи шәрт.
- Алдында ҳәрекет етип баратырған объект пенен ортадағы аралықты сақлаў керек. Аралық, айдаўшының тормоз бериўи ушын қолайлы болыўы керек.
- Бир топар болып велосипед айдағанда, бир бириниң изинде шынжыр сыяқлы ҳәрекетлениў керек.
- Велосипедши тоқтап турған транспортқа итибарлы болыўы керек (күтилмегенде есиги ашылыўынан, кескин ҳәрекетленип басланыўынан);
- Адамлар жүретуғын орынларда велосипедши велосипедин жетелеп, жаяў жүриўи керек.
Жол ҳәрекетиниң басқа қатнасыўшыларын ҳәрекет даўамындағы маневрлары ҳаққында ескертиў ушын велосипедши тәрепинен берилетуғын арнаўлы сигналлар ҳаққында келеси мақалада оқың.