Қулақшын яки телефоннан пайдаланғанда да бәрқулла қағыйдаларға әмел етиў зәрүр!
Адам қулақшында қатты даўыста музыка тыңлағанда яки телефонда қатты берилип сѳйлескен пайытларда ѳзиндеги ең әҳмийетли сезиў системасы болған еситиў қәбилетинен айырылады .
Ол әтирапындағы сеслерди ажырата алмайды. Оған сигнал бергенниң пайдасы болмайды. Велосипед қоңыраўын еситпейди. Қулақшын таққан адам жолда ѳзиниң ойларына терең кирген ҳалда, қандай да бир музыка яки наманы тыңлап, соның тәсиринде жүреди. Нәтийжеде, ол аңсыз рәўиште велосипед жолына шығып кетиўи мүмкин.
Бундай пиядалар ѳзи ушын да, басқа ҳәрекет қатнасыўшылары ушын да жүдә қәўипли саналады. Оларға сигнал берип, бақырып яки қол былғағанның пайдасы болмайды. Кѳпшилик ўақытлары, әйне усындай пиядалар велосипед пенен соқлығысыўдың себепшиси болады. Себеби, олар ең соңғы мәўритке шекем ескертиўлерге итибар бермейди.
Сейилге шыққанда музыка тыңлағанды унататуғын болсаң, жүдә итибарлы ҳәм пуқта бол. Әтирапыңа қарап, дыққатлы болып жүр. Бундай ҳәрекетлерди тез-тезден ислеп тур, ҳәттеки қулақшынсыз жүргендегиден де кѳбирек исле.
Соқлығысыўдың алдын алыў ушын велосипедшиниң тоқтаўы яки сени айланып ѳтиўине қарағанда сениң жол берип шетке шыққаның аңсатырақ, ал авария болған жағдайда сен кѳбирек жәбир шегесең. Буны есиңде тут ҳәм кѳпшилик жағдайда велосипедшиге жол бер.
Оларды түсиниўге ҳәрекет қыл – велосипедшилердиң пиядаларды урып кетиўден яки оларға жарақат жеткериўден қорқып, ҳәр бир минутта жағдайды қадағалап, пиядалар арасында жүриўи аңсат болмайды.
Бәлким, ўақты келип сен де велосипедке минип, жолдың барлық орнында, яғный қатнаў бѳлиминде ҳәм тротуарда ҳәрекетлениў қаншелли қыйын екенин ѳз басыңнан кеширесең.