Машина.png

Қәўипсизлик ремени — айдаўшы ҳәм жолаўшылардың қәўипсизлигин сақлаўда ең нәтийжели қурал

Заманагѳй жоқары технологиялар дәўиринде барлық тараў жүдә тез пәт пенен раўажланбақта. Деген менен, автомобильдеги қәўипсизлик ремени кѳплеген жыллар даўамында автомобильдеги адамларды қорғаўшы ең нәтийжели қурал болып қалмақта.

Авариялық жағдайларда адамлардың аман қалыўының 70%ы қәўипсизлик ременлери жәрдеминде болған. Жәҳән статистикасы мағлыўматларына бола, қәўипсизлик ременин пайдаланыў жүзбе-жүз соқлығысыўда айдаўшының набыт болыў қәўпин 2,3 есеге, қапталдан болған соқлығысыўда 1,8 есеге, автомобиль аўдарылғанда 5 есеге кемейткен.

Қәўипсизлик ремени авиацияда 100 жылдан бери, ал автомобильлерде ярым әсирден аслам ўақыттан бери қолланылады. Автомобиль ислеп шығарыўшылар ременьлерди жетилистириўде миллиардлап қаржы жумсады. Дәслеп белге тағылатуғын, кейин революциялық үш тәреплеме, соңынан катушкаға жыйналатуғын инерциялық, кейин бийикликке қарай тәртипке келиўши, оннан соң пиротехникалық тартылыўшылар менен, соң тартылыўды шеклегишлер менен ҳәм ең соңында қәўипсизлик дастығы менен қосылып исленген түрлери жаратылды. Бирақ тилекке қарсы, кѳпшилик адамларға қәўипсизлик ременин пайдаланыў мәселеси елеге шекем ашық қалмақта. Себеби, автомобильшилер арасында қәўипсизлик ремени ҳаққында бир неше ойлап табылған жалған мағлыўматлар жүр.

Дүнья жүзи бойлап автомобильлер санының кѳбейиўи, авария жағдайларының, айдаўшылар ҳәм жолаўшылар арасында жарақатланыў дәрежесиниң асыўына себепши болмақта. Айдаўшы ҳәм жолаўшыларды соқлығысыўларда жарақатлардан сақлаўшы ең нәтийжели қурал сыпатында қәўипсизлик ременьлери ҳәм балалар ушын автокреслоларды орнатыў ҳәм пайдаланыў болып есапланады. Бул, адам ѳмирин сақлап қалыўға жәрдем бериўши ҳәм жарақат алыў қәўпин кемейтиўши сынақтан ѳткен қурал есапланады. Сол ушын автотранспорт қуралында ҳәрекетленгенде айдаўшы ҳәм жолаўшылар бәрқулла ремень тағып отырыўы зәрүр.

Әлбетте, қәўипсизлик ремени ҳәм балаларды услап турыўшы қурылмалар қосымша қәўипсизлик қураллары саналады. Деген менен, барлық айдаўшы ҳәм жолаўшылар да олардан пайдаланбайды.

Қәўипсизлик ремени ҳаққында жалған мағлыўматлар ҳаққында келеси мақалада оқып танысың.

Aldıng’ı Keyingi