Машина.png

Қәўипсизлик ремени ҳаққында жалған мағлыўматлар

Айырым айдаўшылардың қәўипсизлик ремени ҳаққында ойлап табылған жалған мағлыўматларға исениўи жүдә ѳкинишли. Ең кѳп тарқалған жалғанлар ҳаққында жақынырақ билип аламыз.

Авария жүз бергенде, мысалы машина жанып кеткенде яки шѳгип кеткенде оның ишинен шығыўда ремен кесент етеди.

Бундай түрдеги жол-транспорт ҳәдийсесиниң итималлығы жүдә тѳмен. Бирақ ески конструкциядағы ременьлер ҳақыйқатында да шийеленисип қалыўы мүмкин. Бирақ, заманагѳй ременьлер инерциялық түрде болып, қолдың тек бир ҳәрекети менен жаздырылады.

Тѳмен тезликте ҳәрекетленгенде ременди тақпаса да болады.

Дурыс, 30 км/саат тезликте соқлығысқанда адам ѳлмеўи мүмкин, бирақ аўыр жарақат алады. Ал, егер қарама-қарсы ҳәрекетленип киятырған автомобиль тезлиги де сондай тѳмен болса не? Жүзбе-жүз соқлығысқанда тезлик 50 км/саат болғанның ѳзинде ремен тақпаған айдаўшы басын алдынғы айнаға урады ҳәм он жағдайдың тоғызында набыт болады.

Ремен таққан ересек адам қолында баланы алып отырыўына болады.

Ҳәттеки 30 км/саат тезлик пенен келип соқлығысқанда салмағы 7 кг болған бала ересек адамның қолынан шыгып кетеди, себеби балаға 135 кг салмақтағы күш тәсир етеди. Бундай салмақты услап қалыўдың имканияты жоқ.

Автомобильде жақын аралықтағы мәнзилге барғанда ремень тағыў зәрүр емес.

Статистикалық мағлыўматларға қарағанда, айдаўшылардың жолдағы ѳлимшилиги жағдайының 75%ы ѳз үйининен 40 километрге шекемги аралықта жүз береди. Ҳәттеки, қоңсы турған кѳшеге барыўдың ѳзинде де ЖТҲ қәўпи жоқары болады. Адамлардың бары-жоғы 10 метр ҳәрекетленгеннен соң да авария болған жағдайлар ушырасады.

Артқы орынлықтағы жолаўшылар ремень тақпаўына болады.

Бул тек итибарсыз жолаўшыларға ғана қәўип туўдырып қоймайды. Ремень таққан айдаўшыны, ҳәттеки ремень тақпаған артқы орынлықтан ушып шыққан кишкене бала да набыт етиўи мүмкин. Машина аўдарылып кеткен жағдайда қәўипсизликти сақлаўда ременьниң орнын ҳеш нәрсе баса алмайды.

Машинадаға ең қәўипсиз орын бул айдаўшының артындағы орынлық.

Айырым адамлар, айдаўшының артындағы орынлық ең қәўипсиз орын деп есаплайды. Буны ҳақыйқатында да авариялар бойынша статистика тастыйықлайды. Машинадағы ең қәўипсиз орын болып арқадағы ортанғы орынлық есапланады. Ол басқа орынлықларға қарағанда 16%ға қәўипсизирек. Бирақ, жолаўшы ремень тағып отырыўы зәрүр. Ремень тақпаған жағдайда, алдыдан келип соқлығысыўда оның алдынғы айнадан ушып шығып кетиў итималлығы жүдә жоқары болады.

Авария болған жағдайда автомобиль ишинен ушып шығып кеткен мақулырақ

Авария жағдайында ең үлкен қәўип бул салон элементлерине барып урылыў есапланады. Егер жолаўшылар ремень тақпаған болса, олар ҳушынан кетиў яки ѳлимшиликке алып келетуғын жарақатлар алыўы мүмкин. Бундай жағдайда, адамның салонның қайсы орынлығында болыўы ҳеш қандай әҳмийетке ийе болмайды.

Авария жағдайында қәўипсизлик ремени адамды жарақатлаўы мүмкин.

Ремень ҳақыйқатында да жарақат жеткериўи мүмкин, бирақ тек бир түрдеги жарақат болыўы мүмкин. Гәп мойын омыртқаларының жарақатланыўы ҳаққында айтылмақта. Себеби кескин тормозлағанда адам денеси инерция бойынша алдыға ҳәрекетлениўин даўам етеди. Сондай-ақ, күйиў жарақаты, яки ремень адамның бойына сай сазланбаған болса палўан сүйектиң сыныўына алып келиўи мүмкин. Кишкене балаларға ересек адамлар ушын арналған қәўипсизлик ременлерин тағыў жағдайлары да жийи ушырасып турады. Бирақ, қәўипсизлик ремени қорғап қала алатуғын жарақатларға салыстырғанда, оның ѳзи жеткеретуғын жарақатлар ҳеш әҳмийетке ийе емес.

Қәўипсизлик ременин тағып отырыў қолайсызлықлар туўдырады.

Бул, аўқатты қол менен жеген қолайлы, себеби аўқаттан соң қасықларды жуўыўға қәжет жоқ деген пикир менен тең. Негизинде, қәўипсизлик ременин тағып отырыў әдетин балалықтан баслап қәлиплестириў керек. Бундай әдетке үйренген адамларда қәўипсизлик ремени болмаған жағдайларда ѳзлерин психологиялық жақтан қолайсыз сезип баслайды.

Aldıng’ı Keyingi