Ҳәрекетленип киятырған велосипед алдынан жолды жуўырып кесип ѳтпе
Велосипедшиниң орташа тезлиги саатына 15-20 км болады. Бирақ, тезлик саатына 30, 40, ҳәттеки 50 км болыўы да мүмкин. Ал, бул автомобиль тезлиги менен тең есапланады. Ҳеш бир велосипедти бир заматта тоқтатыў мүмкин емес. Себеби, велосипед пенен велосипедшиниң улыўма салмағы 100 килограммнан артық болыўы мүмкин!
Усындай жоқары тезликте, салмағы аўыр адам, металлдан жасалған қырлы деталлары бар болған предметте саған келип урылса не болатуғынлығын кѳз алдыңа келтирип кѳр. Бул оғада қәўипли! Бундай жағдайларда пиядалардың аўыр жарақат алыў итималы жоқары болады. Себеби, велосипедшиниң басы шлем менен қорғалған. Ѳз саламатлығың ҳәм ѳмириңниң қәўипсизлиги ең алды менен ѳз қолыңда екенлигин ядыңда тут. Сол ушын әтираптағы болып атырған ўақыяларға итибарлы болыўың зәрүр.