alcohol.jpg

Алкогольдиң инсан организмине тәсири

Спиртли ишимликлерди ишиў мийге жүдә зыянлы тәсир кѳрсетип, ғәрезлиликти келтирип шығарады. Бул бузғыншы әдет цирроз, инфаркт, гастрит, рак, семизлик, қантлы диабет сыяқлы 200 ге жақын кеселликлердиң пайда болыў қәўпин асырады. Буннан тысқары, спиртли ишимликлерди ишиў жол-транспорт ҳәдийсеси нәтийжесиндеги кѳплеген жарақатланыўларға себепши болады. Спиртли ишимликлерди кѳп ишиўши адамлардың психикасында кѳпшилик жағдайларда машқалалар пайда болады.

Жәҳән денсаўлықты сақлаў шѳлкеминиң мағлыўматларына кѳре:

  • дүнья жүзинде спиртли ишимликлерди ишиў нәтийжесинде ҳәр жылы 3 миллион адам қайтыс болады, бул улыўма ѳлимшилик кѳрсеткишиниң 5,3%ин қурайды;
  • дүньядағы улыўма кеселликлер ҳәм жарақатланыўлардың 5,1%ы спиртли ишимликлерди ишиў нәтийжесинде болған;
  • спиртли ишимликлерди ишиў адамның салыстырмалы түрде ерте дүньядан ѳтиўи яки майып болып қалыўына себепши болады;
  • алкоголь иммунитетке тәсир кѳрсетип, организмниң вирусларға тәсиршеңлигин асырады: ўақыттың ѳтиўи менен иммунитет пүткиллей тѳменлеп, ѳкпениң аязлаўы, ҳәттеки туберкулез кеселлиги пайда болады.

Спиртли ишимликлерди ишиў арқалы адам тек ғана ѳзине зыян келитирип қоймастан, әтирапындағыларға, шаңарағына ҳәм досларына да зыянын тийгизеди.

Спиртли ишимликлерге ғәрезли болған ҳәр бир адам ишиўшиликти тоқтатыўды алдына мақсет етип қойыўы тийис. Буның нәтийжеси, адам ѳмирин сақлап қалыў, жарақатланыўлардың алдын алыўға жәрдем береди. Жуўмақлап айтқанда, алкогольсиз ѳмир сүриў бул пүткил жәмийетке жақсы үлес есапланады.

Aldıng’ı Keyingi