Плавец.png

Бассейндеги бир күн: артықша салмақты кемейтиў ушын қандай жүзиў усылларынан пайдаланыў керек?

Жүзген ўақтыңда жүзиўдиң неше усылынан пайдаланатуғыныңды ойлап кѳрдиң бе? Ҳәр бир усыл белгили бир топар булшық етлерине тәсир етип, олардың ѳзлерине тән артықмашлықлары бар. Сол ушын да, ҳәр қыйлы усылларды араластырып пайдаланыў усыныс етиледи. Бул пүткил денениң толық ислеўин ҳәм булшық етлерге түсетуғын күштиң бир баланста болыўын тәмийинлейди. Жүзиўдиң тийкарғы усылларын тѳменде келтирип ѳтемиз.

Гүбелек/баттерфляй/дельфин

Баттерфляй усылында жүзиў артықша салмақты кемейтиў ҳәм булшық етлерди беккемлеўде ең нәтийжели усыл есапланады. Бул усылды ѳзлестириў қыйын, бирақ үйренгеннен соң, денең жаңа кѳриниске ийе болады. Әсиресе қол, кѳкирек, ийин ҳәм арқа булшық етлерине жақсы тәсир етеди. Бул техника жүдә кѳп күш талап етеди, сол ушын буған таяр болыўың керек. Бул усылда тез шаршаўың мүмкин.

Кроль/фристайл

Кроль — бул ең тез жүзиў усылы болып, ол ең кѳп тарқалған усыллардан бири. Биринши гезекте ол жанбас, ийин, арқа ҳәм аяқлардағы булшық етлерди активлестиреди. Бул усылды қолланғанда қолларды кѳтерип ҳәм суўға қайта батырып, бәрқулла аяқларды ислетип барыў керек. Соның менен бирге, денени бир тегис услаў зәрүр. Актив ҳәрекетлер жәрдеминде әмелге асырылатуғын бул усыл, калорияларды жоқ етиўдеги және бир нәтийжели қурал.

Арқада жатып жүзиў

Арқада жатып жүзиў техникасы соннан ибарат, бул усылда арқаға жатып, аяқлар менен қозғалып, қолларды ҳәрекетке келтириў керек. Бул усыл жүзин суўға басып ҳәрекетлениўге үйренбеген яки жүзиў ўақтында дем алыўы қыйын болған адамларға жүдә қолайлы есапланады. Бул усылда қол ҳәм аяқлардағы тийкарғы булшық етлер жумыс ислейди, сондай-ақ жанбастың ийилиўшеңлеги жақсыланады.

Брасс

Брасс усылы баслаўшылар ҳәм тәжирийбеси аз жүзиўшилер ушын қолайлы усыл. Бул техниканы орынлағанда әсте жүзиў кѳзде тутылған ҳәм денениң барлық бѳлимлери хызмет етеди. Бул усыл калорияларды тез жоқ қылыўшы усыл емес, бирақ жүзип үйрениў ҳәм ѳзиңди суўда исенимли тутыўыңа үйретиўши нәтийжели усыл. Бул усылды қолланғанда кѳкирек, қол, жанбас, арқа ҳәм аяқлар кѳбирек ҳәрекет етеди.

Белгили бир жүзиў усыллары булшық етлердиң қатнасыўына қарай калорияларды тез жоқ қылыўға жәрдем бериўи мүмкин. Сол ушын, булшық етлериңди ҳәм денеңди тонуста услап турыўың ушын ҳәр қыйлы усылларды пайдаланып кѳриўден қорқпа.

Еркин (кроль) усылы менен баттерфляй усылын күн сайын гезеклестирип қолланып бар. Баттерфляй денениң барлық бѳлимин ҳәрекетке келтирип, кѳбирек калория жоқ етеди, кроль усылы калорияларды жоқ етиўде екинши, брасс — үшинши, ал арқада жатып жүзиў тѳртинши орынды ийелейди.

Шынығыўлар даўамында ҳәр қыйлы усылларды араластырып, гезеклесип пайдаланыў жүдә жақсы нәтйижелерди береди. Әлбетте шынығыўлар ўақтында адамлар бәрқулла тек баттерфляй ҳәм кроль усылынан пайдалана алмайды, себеби адам тез шаршайды. 30 секунд даўамында «қыйын» (баттерфляй, кроль) усылда жүзиў, кейин 30 секунда даўамында «жеңил» (брасс, арқада жатып жүзиў) усылларға ѳтиў кѳзде тутылған шынығыўлардың интерваллық усылын қолланыў усыныс етиледи.

Ѳзиң таңлаған жүзиўдиң ҳәр бир усылы организмиң ушын пайдалы болып, саламатлығыңды беккемлейтуғынын есте сақла.

Aldıng’ı