Жуўырыўдың қандай пайдасы бар? (1-бөлим)
Жуўырыў ҳәр бир инсан ушын ең тәбийий ҳәм қолайлы спорт түри болып табылады. Жуўырыў ушын арнаўлы үскенелер ямаса орын талап етилмейди. Ал, оның денсаўлық ушын пайдасы жүдә бийбаҳа.
Келиң, турақлы түрде жуўырып турыўдың артықмашлықларын көрип шығайық:
- депрессия ҳәм уйқысызлықтан қутқарады;
- майларды жоқ етиўге ҳәм нормал салмақты сақлаўға жәрдем береди;
- буўынларды (дизе ҳәм басқалар) ҳәм сүйеклерди беккемлейди;
- төзимлиликти арттырады;
- ҳәтте қартайғанда да өткир зейинди сақлаўға жәрдем береди;
- рактың раўажланыў қәўпин азайтады;
- тетиклик бағышлайды;
- жаслықты ҳәм өмирди узайтады.
Қысқа аралықтан баслап, аралықты әсте-ақырын көбейтип барсаңыз ўақыттың өтиўи менен жуўырыў сизге аңсатырақ түйилип, денеңиз күшлирек, шыдамлырақ ҳәм ең әҳмийетлиси, саламат болады.
Ертеңге ямаса дүйшембиге қалдырмай, кроссовкаңызды кийип, жуўырыўды бүгиннен баслаң.
Жуўырыў бойынша басқа пайдалы факторлар ушын төмендеги мақаланы оқың.