Жуўырыў менен шуғылланыўды баслаў ушын нелер керек?
Бир қарағанда, буның ушын тек спорт кийими – кроссовка, футболка ҳәм шорты керек. Деген менен, жуўырыў менен турақлы түрде шуғылланыўға бел байлаған адам ушын керекли бир қатар пайдалы нәрселер бар.
Жуўырыўға арналған жақсы кроссовка таңлаўдан баслаң. Бул жуўырыў ушын спорт қуралларының ишинде ең тийкарғысы. Илажы болса кроссовка сапалы ҳәм жуўырыўға арналған болсын. Бул - ол жеңил ҳәм қолайлы болыўы керек деген сөз. Оның әпиўайы, күнделикли кроссовкалардан тийкарғы айырмашылығы – табан астының жумсақлығы ҳәм сериппелилиги болып табылады. Сондай-ақ, бул кроссовканың көриниси өзиңизге де унаўы әҳмийетке ийе, ол кеўлиңизди көтерип, шынығыўға шығыўға еринип, өзиңизди мәжбүрлеп баратуғын күнлери сизге жәрдем бериўи тийис.
Қәлеген аралыққа басқалар менен бирге жуўырыў. Жуўырыў шынығыўларын әдетке айландырыўдың жақсы усылы – оны дослар менен бирге әмелге асырыў. Егер досларыңыздың ҳеш қайсысы жуўырыўды қәлемесе де, қалаңыздағы жуўырыўшылар уйымын/топарын таўып алып, соларға қосылсаңыз да болады.
Денеңизге қулақ түриң. Бирден диңкеңизди қуртып, узақ аралықларға жуўырмаң. Алдыңызға қойған мақсетиңиз қолдан келетуғын, әмелге асатуғын болсын. Бул тек 2 километр-ақ аралық болағойсын. Жеке мақсетиңизди аңлаў шынығыўлардың турақлылығын тәмийинлейди. Келешекте, бираз үйренискеннен соң жүклемеңизди соған сәйкес аралықты да көбейтип бара бересиз.
Кейпиятты көтериң. Буның ушын жуўырған ўақытта тыңлайтуғын қосықлар дизимин дүзиўге, музыка тыңлаўға яки арнаўлы жуўырыў үскенесинде жуўырып атырып, сериал көриўге де болады. Бәлким, керексиз ойларды қыялыңыздан шығарып таслап, тынышлық та керек болып қалар. Сонда дыққатыңызды тек жуўырыўға қаратарсыз, бәлким.
Есиңизде болсын, егер жуўырғанда минутларды ҳәм финишке шекемги аралықты тынымсыз есаплай берсеңиз, онда жуўырыўдың қызығы қалмайды. Гейде шынында да қыйын болады, бирақ ең баслысы – қыйыншылыққа берилип, жеңилмеў!